Жуўырыў не ушын пайдалы? 2-бөлим
Жуўырыў – физикалық жүклемениң ең әпиўайы ҳәм қолайлы түри болып табылады. Оның менен профессионал спортшылар да, үйреншик балалар ҳәм жасы үлкенлер де шуғылланады.
Көпшилик адамлар әпиўайы жуўырыў шынығыўы қаншелли артықмашлықлар бағышлайтуғынлығын толық аңлап жетпей, оны тек кардиожүклеме яки күш талап етилетуғын шынығыўлардан алдын «қыздырынып» алыў ушын ғана пайдаланады. Жуўырыўдың пайдасын баҳаламаў надурыс! Мине, тѳмендегилер жуўырыўдың пайдалы қәсийетлериниң тек айырымлары:
- Иммунитетти беккемлейди.
Егер сиз жийи аязлап қала беретуғын болсаңыз, онда жуўырыў сиз ушын жақын дос ретинде хызмет етеди. Әсиресе, салқын ҳаўа-райында жуўырып турыў организмди шынықтырып, кеселликлерге қарсы төзимли етеди.
- Қан айланысын жақсылайды.
Жуўырыў менен турақлы шуғылланыў қан тамырлары дийўалларын беккемлеп, олардың тонусын көтереди. Сондай-ақ, артериялық қан басымы, алдын жоқары яки төмен болғанлығына қарамастан турақласады. Және бундай кардиожүклеме жүрек булшық етлерин беккемлейди.
- Буўынларды беккемлейди.
Көпшилик адамлар жуўырыў дизелерди «қуртады» деп ойлайды, бирақ негизинде ондай емес. Керисинше, турақлы түрде жуўырып турыў буўынларды беккемлейди, әлбетте, ол дурыс әмелге асырылса ҳәм жүклеме басқышпа-басқыш көбейтип барылса.
- Яд ҳәм дыққатты раўажландырады.
Жуўырыў менен шуғылланатуғын адамлардың мәселелерге тезирек ҳәм нәтийжелирек итибар бериўи, сондай-ақ, оғада дыққатлы болыўы дәлийлленген.
- Дем алыў системасын беккемлейди.
Жуўырыў ўақтында адамның өкпелери толық күш астында ислеп, организмди оған керек болған кислород пенен тойындырады. Жуўырыў нәтийжесинде өкпеңиз шынығып, күшейеди, ал оның сыйымлылығы көбейеди.
- Шыдамлылықты арттырады.
Әлбетте, жуўырыў ушын шыдамлылық керек. Ҳәр бир жуўырып келгениңизде организмиңиз өз мүмкиншиликлерин кеңейтип, кардиожүклемелерге көбирек бейимлеседи. Бул жүрек ҳәм өкпелер жақсырақ ислеп, сиз еле де күшли ҳәм қарыўлы боласыз деген сөз.
- Булшық етлерди беккемлейди.
Жуўырыў ўақтында адамның дерлик барлық булшық етлери (олар 600ден аслам!) ҳәрекет етеди. Бул жуўырған ўақытта тек аяқларыңызды ғана емес, ал арқаңызды, прессти, ҳәтте қолларыңызды да шынықтырасыз деген сөз. Сондай-ақ, жуўырғанда булшық етлер созылып, еле де ийилиўшең болады. Бундай жүклеме – ҳәр бир спортшының әрманы!