Саламат турмыс тәризи қағыйдалары
Қәдирли оқыўшылар!
Пүткил ѳмириңиз даўамында саламат турмыс тәризине әмел етиў кѳплеген машқалалардың алдын алады. Бир қарағанда қурамалы түйилетуғын, кѳп ҳәрекетлер, сабыр ҳәм шыдамлылық, ўақыт ҳәм шәраят талап ететуғын саламат турмыс тәризиниң тийкарғы қағыйдалары нелерден ибарат?
Сизге тѳменде келтирилген саламат турмыс тәризиниң ең әҳмийетли қағыйдаларына әмел етиўди усыныс етемиз:
- Спорт ҳәм дене тәрбиясы
Физикалық шынығыўлар ҳәм спорт – саламат турмыс кешириўдиң тийкарғы шәртлериниң бири. Әпиўайы керилиў, жаяў жүриў, турникте тартылыў, ҳәтте жеңил аяқ ойынға түсиў де - физикалық шынығыў болып есапланады. Ѳзиңиз унататуғын спорт түрин таңлап, физикалық жақтан белсенди болың. Күнине 30-60 минут даўамында спорт менен шуғыллансаңыз, саламат болыўыңыз ушын жеткиликли.
Ядыңызда тутың! Азырақ отырыў ҳәм кѳбирек ҳәрекетлениў керек.
Сабақта ямаса компьютер алдында кѳбирек отырып қалсаңыз, ҳәр саатта кеминде 5 минут тәнепис етиң ҳәм ҳәр қыйлы жеңил шынығыўларды орынлап, желке, бел ҳәм аяқлардың қурысын жаздырың.
- Дурыс аўқатланыў.
Аўқатланыў рационына итибар бериң, тәбийий ѳнимлер – мийўе ҳәм палыз ѳнимлерин, витамин ҳәм минералларға бай азық-аўқатларды кѳбирек пайдаланың.
Пайдалы мәсләҳәт! Ҳәр күни 2 литрдей суў ишиң. Хот-дог ҳәм гамбургер сыяқлы аўқатлар, реңли ҳәм газли ишимликлер, ярым таяр ѳнимлер, қуўырылған картошка (чипс) ҳәм нанлар, басқа да кѳплеген жасалма дәм, рең ҳәм форма берилген азықлар, әсиресе энергетикалық ишимликлерден бас тартың.
Мийўелерди аўқаттан ярым саат алдын, ал шай ҳәм ишимликлерди болса аўқаттан 1-2 сааттан кейин қабыллаў керек.
Абайлы болың! Ѳзиңизди зыянлы әдетлерден (темеки, алкоголь ѳнимлери ҳәм басқалар) аўлақ тутың.
- Күн тәртиби.
Күн тәртиби режимине қатаң әмел етиң. Бириншиден, 8 сааттан аз уйықламаў; екиншиден, күнниң шама менен белгили бир ўақтында уйықлап ҳәм бир ўақытта ояныўға әдетлениң. Саат кешки онда уйықлап, азанда саат 6 ларда турыў пайдалы режимлерден болып есапланады.
4.Позитив кейпият.
Саламат турмыс тәризиниң және бир әҳмийетли қағыйдасы – жарқын ҳәм унамлы кейпияттан кѳбирек заўықланың. Шаңарақта ҳәзиллесип отырыў, қуўнақ ойынлар ойнаў, комедия жанрындағы китаплар оқыў ҳәм фильмлер тамашалаў буларға жақсы мысал бола алады.
5.Тазалыққа әмел етиў.
Үйиңиз, бѳлмеңиз ҳәм жумыс орныңызды бәрҳа таза тутың, ол жерлерди ҳәр күни тазалап турың, терезелерди жийи-жийи ашып, таза ҳаўа киргизип алың.
- Жеке гигиена.
Аўқатланыўдан алдын ҳәм кейин әлбетте қолды жуўыў, уйқыдан алдын ҳәм азанда оянғаннан кейин тислерди тазалаў, таза кийим, улыўма, тазалыққа қатаң әмел етиў саламат турмыс тәризиниң баслы шәртлери.
Умытпаң! Саламат турмыс тәризи - инсанды ҳәр қыйлы кеселликлерден қорғап, ѳзин жақсы сезип, табысқа ерисиўине кепиллик береди.