Электрон сигареталар әпиўайы сигареталардың орнын басыўшы емес
Бүгинги күнде электрон сигареталарды шегиў жағдайлары кѳбейип бармақта. Шегиўшилер арасында кѳбинесе электрон сигареталар темеки шегиўди қойыўда жәрдем бериўи ҳәм денсаўлық ушын зыяны кемирек екенлиги ҳаққында еситиўимиз мүмкин. Бирақ, бул ҳеш қандай илимий жақтан тастыйықланбаған.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң усынысларына кѳре, электрон сигаретаны әпиўайы сигарета орнын басыўшы зыянсыз қурылма, яки темеки шегиўден бас тартыў ушын қурал деп есаплаў мүмкин емес.
Электрон сигарета қурамында организмге зыянлы болған глицерин, пропиленгликол, ийис бериўши қосымшалар ҳәм никотин бар. Егер логикалық жақтан пикир жүритсек, никотин инсан организмине қайсы усыл менен түсиўиниң парқы жоқ – ол бәрибир инсан саламатлығына жүдә зыянлы тәсир кѳрсетеди.
Электрон сигареталарды ислеп шығарыўшылар қарыйдарларды ѳзине тартыў ушын ҳәр қыйлы ийис бериўши қосымшаларға ийе электрон сигареталар түрлерин усынбақта. Бундай сигареталар кийимде ҳәм қолда ийис қалдырмағаны ушын да жүдә ғалабаласқан. Булардың ҳәммеси темеки ѳнимлерине болған талапты ҳәм оннан пайдаланыў дәрежесин асырады. Бирақ, электрон сигарета ислеп шығарыўшылар сигаретадағы никотин муғдарын рухсат етилген муғдарынан асырып жибериўи мүмкин екенлигин естен шығармаң. Суйық темеки араласпасын қыздырыў процесси бойынша сораў да жуўапсыз қалмақта. Темеки араласпасы қыздырылғанда, пуў менен бирге организмге жүдә кѳп зәҳәрли затлар, соның ишинде канцероген затлар есапланатуғын диэтиленгликол ҳәм нитрозамин келип түседи. Бул зәҳәрли затлар қәўипли асқыныўлардың (рак кеселлиги) пайда болыўына себепши болады.
Электрон сигареталар әпиўайы сигареталар орнын басыўшы болыўы мүмкин емес. Алдынлары, алымлар олардан темеки шегиўди қойыў мақсетинде пайдаланыў мәселеси ҳаққында тартысып келген болса, ҳәзир бул мәселе ѳз шешимин тапқан. Бул пүткиллей мүмкин емес.