Мен ер жетип атырман
Жынысый жетилисиў дәўири ул балаларға да , қыз балаларға да қыйын дәўир есапланады. Гормонлар тек физиологиялық ѳзгерислерге ғана тәсир етип қоймастан, ол психоэмоционаллық жағдайға да тәсир кѳрсетеди. Ул балалар, қыз балалар сыяқлы қызба, күйгелек ҳәм ашыўшақ болып қалыўы мүмкин.
Жас ѳспиримлерде жынысый жетилисиў, жынысый гормонлар тәсиринде болады. Ул балаларда буған тестостерон гормоны жуўап береди. Ол жынысый ағзалардың раўажланыўына, бойдың ѳсиўине, дене ѳзгерисине, даўыс тембриниң ѳзгериўине тәсир кѳрсетеди. Буннан басқа да жынысый гормонлар бар, бирақ олардың функциясы шекленген болып, олар организмдеги белгили бир биохимииялық процесслерге қаратылған.
Ул балаларда жынысый жетилисиў басқышпа-басқыш кешеди. Жынысый жетилисиў жасына келгениңди қалай билиўге болады?
Буны тѳмендеги белгилер арқалы билиўге болады :
- Жынысый ағзалардың үлкейиўи;
- Қолтық астында, жүзлерде ҳәм шатта түклердиң ѳсип шығыўы;
- Даўыстың ѳзгериўи;
- Бойдың тез ѳсип кетиўи;
- Дене дүзилисиниң ѳзгериўи.
Әдетте, жас ѳспирим балаларда жынысый жетилисиў 10-11 жасында басланып, 17-19 жасқа келип тоқтайды.
Бойыңның ѳсиўи менен бирге жынысый ағзалардың да ѳсиўи үзиликсиз даўам етеди.
Даўыстың ѳзгериўи бул ул балалардағы жынысый жетилисиўдиң және бир әҳмийетли басқышы есапланады. Ер адамлар гормоны саналған андроген тәсири астында ул балаларда кегирдек ѳсип үлкейип, даўыс перделери жуўанласады. Буның нәтйижесинде даўыс пәсейип, жуўанласады. Ѳзгерислер тез пәт пенен кешиўи де яки бир неше айларға созылыўы да мүмкин, сол ушын даўыс турақлы болмай, гейде қарлығып қалыўы мүмкин. 14-15 жасқа келип барлығы ѳз орнына түседи.
Бойдың ѳсиўи ул балаларда қызларға қарағанда сәл кеширек, яғный 13-15 жаста басланады. Классласларың яки досларыңның бойлары жазғы каникул даўамында 10-15 сантиметрге шекем ѳсиўи мүмкин! Ул балалардың сүйеги аўырласып, ийинлери кеңейип, мускулатура пайда болады. Кескин ѳзгерислер себебинен айырым балалар ебетейсиз кѳриниўи мүмкин, бирақ жынысый жетилисиў соңында дене бир балансқа келеди.
Ер адамлардың жынысый гормонлары (андрогенлер) тәсиринде, ул балаларда да, қыз балаларда да қолтық асты ҳәм шат әтирапында түклер ѳсип баслайды. Сондай-ақ, тери майы (себума) бѳлинип шығыўы күшейип, оның нәтийжесинде тери майлы болып, териде жағымсыз исиниўлер ҳәм таспалар пайда бола баслайды.