vopros.jpg

Мен не себеп терлеймен?

Күшли терлеў тек ғана ыссы күнде болатуғын машқала емес.

Күшли терлеўге кѳп нәрселер себеп болыўы мүмкин, тѳменде ең кѳп тарқалған себеплери кѳрсетилген:

  • Стресс;
  • Жас ѳспиримлик дәўирдеги гормоналлық ѳзгерислер;
  • Артықша салмақ;
  • Аўқат;
  • Антибиотиклерди узақ ўақыт даўамында қабыллаў (нәтийжеде ишеклердиң ислеўи бузылып, тер бѳлип шығарыў күшейеди);
  • Қалқан тәризли безлер функциясының бузылыўы ( ҳәттеки салқын ҳаўа-райында да күшли терлеў).

Егер күшли терлеў кеселликлер себебинен болмаса, онда тѳмендеги кеңеслер пайдалы болады:

Контраст душ қабыллаў, яғный, избе-из ыссы ҳәм суўық суўда жуўыныў жақсы пайда береди. Ол қан тамырларын жақсылап, организмди тетик қылады.

Қолтық астындағы түклерди алып таслаў да жүдә әҳмийетли, себеби, олар терди ѳзинде топлап турады ҳәм жағымсыз ийис пайда етеди.

Таза денеге дезодорант яки антиперспирант себиў керек. Дезодорант бактериялардың кѳбейиўиниң алдын алады, тер ийисин кетиреди, бирақ тер бѳлинип шығыўын кемейтпейди. Ал, антиперспирант әйне сол тер бѳлинип шығыўына қарсы гүреседи.

Аўқатлық затлардың да тер бѳлинип шығыўына үлкен тәсири бар. Рационыңнан ашшы, дузлы ҳәм жақсы ийисли нәрселерди алып тасла. Айтқандай, кофе ишиў де күшли терлеўге себеп болады.

Сондай-ақ, кийген кийимимиздиң де салмақлы орны бар. Ҳаўа ѳткериўши тәбийий материаллардан исленген кийимлерди кийиўге ҳәрекет ет. Синтетикадан исленген кийимлер терлеўди күшейтип, ѳзинде жағымсыз ѳткир ийисти узақ ўақыт сақлап қалады.

Кийимлер бәрқулла таза ҳәм жуўылған болыўы керек. Күшли терлеўден қутылыў ҳаққында ата-анаң менен талқылап, олар менен мәсләҳәтлесип ал.

Aldıng’ı Keyingi