Акне (таспа) шыққан орындағы дақларды кетириўге болама?
Таспалардың орнындағы дақлар еки еселенген тәшиўиш болыўы мүмкин, яғный, алдын таспалардан, кейин оның орнындағы дақлардан қутылыў керек болады.
Бир неше пайдалы усылларды келтирип ѳтемиз:
Кѳпшилик жағдайларда бул дақлар ѳзлигинен жоғалып кетеди. Бирақ таспаларды сығып алыў, орнында дақ қалыўы итималлығын асырады.
Дақларды емлеў
Дақларды емлеў олардың қаншели дәрежеде аўыр екенлигине байланыслы болады. Айырым жағдайларда шыпакер (дерматолог) дақларды кетириў ушын химиялық пилинг (териниң үстинги қатламын жоқ етиўши кислота яки кислота араласпасын сүртиў) усылын усыныс етиўи мүмкин. Бул процедураны тиккелей шыпакер бѳлмесинде әмелге асырыўға болады.
Таспаның аўыр түрлеринде емлеўдиң бир неше түрлерин қолланыў жәрдем бериўи мүмкин:
Лазерли шлифовка.
Бул процедураны шыпакер яки дерматолог бѳлмесинде әмелге асырыўға болады. Лазер жәрдеминде териниң үстинги қатламы алып тасланып, ортанғы қатламы жоқары тартылады. Бул терини бираз тегис қылады. Процедура бир неше минуттан бир саатқа шекем созылыўы мүмкин. Әдетте процедурадан соң териниң тиклениўине 3 күннен 10 күнге дейин ўақыт талап етиледи.
Дермабразия.
Бул процедурада териниң үстинги қатламын тазалаў ушын айланып турыўшы сымлары бар щетка яки айланып турыўшы алмаз әсбабынан пайдаланылады. Тери саўалып тикленгеннен соң ол тегис болады. Дермабразия усылынан кейин териниң тиклениўи ушын әдетте бираз кѳбирек, яғный 10 күннен 3 ҳәптеге дейин ўақыт талап етиледи.
Фракцион лазерли терапия.
Бул емлеў усылы лазерли шлифовка яки дермабразия усылына қарағанда тереңирек қатламда әмелге асырылады. Бул емлеў түри териниң үстинги қатламына зыян жеткермейди ҳәм териниң тиклениў дәўири де қысқарақ болады. Бул усыл менен емленген адам, бир неше күнге шекем териси қуяшқа күйген сыяқлы кѳринисте болады.
Таспалардың орнында пайда болған дақлардан қутылыў ушын, тѳмендегилерди ислемеген мақул: жүзиңизге маска яки лосьонлар сүртиў, олардың жәрдеми тиймейди ҳәм терини еле де күшлирек түршиктириўи мүмкин. Буның нәтийжесинде дақлар еле де қызарып, кѳзге кѳбирек тасалантуғын болады.
Егер жүзиңде таспадан кейин қызыл яки қоңыр реңдеги дақ қалған болса, ол ўақыттың ѳтиўи менен жоғалып кетеди. Бул ушын 12 ай яки оннан кѳбирек ўақыт талап етилиўи мүмкин. Егер таспалардан кейинги кѳринисиңе кеўлиң толмай жүрген болса, дерматолог шыпакер менен мәсләҳәтлесип ал. Ол саған бундай жағдайларда не ислеў кереклиги ҳаққында түсиндиреди.
Жүзиңизде дақлар қалмаўы ушын акнени (таспаны) қәнигеге мүрәжат етип ѳз ўақтында емлеў зәрүр.