Беттеги безеўди (акне) даўалаўда қайсы ѳнимлерден бас тартыў керек?
Ҳәммемизге белгили, темеки шегиў ҳәм спиртли ишимликлер ишиў денениң интоксикацияланыўына (зәҳәрлениўине) ҳәм териниң жағдайының тѳменлеўине алып келеди. Соның менен бирге, айырым күнделикли азық-аўқат ѳнимлери де айырым ѳспиримлерде интоксикация процесин келтирип шығарады.
Безеў пайда болғанда тутылатуғын диета дегенде, қандағы глюкоза ҳәм холестерин муғдарын кѳтеретуғын барлық ѳнимлерден, сондай-ақ, май ҳәм тер безлерин күшейтиўши азық-аўқатлардан бас тартыў нәзерде тутылады.
Солай етип, рационнан тѳмендегилерди алып таслаў усыныс етиледи:
- сүт;
- спиртли ишимликлер;
- фастфуд ҳәм ярым таяр ѳнимлер;
- газли ишимликлер, ашшы шай, кофе;
- ашшы қосымша ҳәм басқа приправалар;
- кетчуп ҳәм соуслар;
- майлы гѳш ҳәм балық түрлери, қақланған/ысланған гѳш ҳәм балық ѳнимлери;
- қуўырылған картошка;
- ун ҳәм крахмалдан таярланған мазалы затлар;
- торт ҳәм нан ѳнимлери.
Усы ѳнимлерди қабыллағанда қанда токсинлер муғдары артады. Нәтийжеде организм токсинлерди сыртқа шығарып таслаўға ҳәрекет етеди. Бет ҳәм дене терисиндеги геўиклер (тесиклер) арқалы шығады, ал бул болса акнениң раўажланыўына алып келиўи мүмкин.
Айырым изертлеўлер нәтийжесине қарағанда, ҳайўан майлары минимал муғдарда болған, ѳсимлик ѳнимлеринен кѳбирек пайдаланатуғын аймақларда акне кеселлигиниң дәрежеси дүньядағы орташа кѳрсеткиштен тѳмен екен. Усы ҳәм басқа да кѳплеген кѳрсеткишлерге қарап, денеге ҳәм бетке безеў шыққанда диета үлкен әҳмийетике ийе екенлиги бойынша жуўмаққа келсек болады.
Гигиенаға әмел етиўдиң әҳмийети ҳаққында да умытпаўымыз керек. Безеўлерди сығыў тери жағдайының еле де жаманласыўына алып келеди. Кир қоллар менен бетиңизге тиймең. Егер сиз диетаға әмел етсеңиз, сизде сонда да акне сақланып қала берсе, дерматолог яки косметолог қәнигелерге мүрәжат етиўиңиз керек.