Жас ѳспиримлер териге рең бериўши кремнен пайдаланыўы мүмкин бе ҳәм ол териге қалай тәсир етеди?
Ѳспиримниң жүзинде дәслепки безеўлер пайда болғанда, ең биринши гезекте оларды қандай жол менен болса да жасырыўға ҳәрекет етеди. Бирақ, надурыс таңланған териге рең бериўши кремлер териге зыян жеткериўи мүмкин.
Шынында да, териге рең бериўши кремлер жаңа таспаларды пайда етиўи мүмкин. Әлбетте, егер олар надурыс таңланған болса. Безеў пайда болғанда адамлардың ислейтуғын қәтелиги – кемшиликлерди толық жасыра алатуғын қалың текстураға ийе рең бериўши кремлерден пайдаланыў. Нәтийжеде теридеги ойықлар тығылып, тери майлары кѳп муғдарда бѳлинип шығады ҳәм бѳртпешлер пайда бола баслайды (акне ҳәм безеўлердиң белгиси).
Сезимтал тери ушын крем таңлағанда, оның қурамында комедогенли затлар жоқ екенлигине исеним туўдырың. А ҳәм Е витаминлери, бийдай туқымы, кокос, зығыр ҳәм пальмадан ѳндирилген майлар майлы териниң жағдайын бетер ѳршелендирип жибериўи мүмкин. Акула баўырынан алынған май, мум ҳәм ланолин де теридеги майдың муғдарын кѳбейтиўи мүмкин. Майлардан тысқары, комедоген қәсийетине ийе бояўлар, эмульгаторлар, консерваторлар, ароматизаторлар ҳәм үстиртин-актив затлар косметикаға ҳәр қыйлы мақсетлерде қосылады.
Буның орнына, қурамында салицил қышқылы, арника ѳсимлик экстракты, кѳк шай, ромашка, цинк оксиди, титан диоксиди, камфора, күкирт, аллонтоин ҳәм басқа да пайдалы компонентлер арқалы тек ғана кемшиликлерди жасырып қоймайтуғын, ал, асқыныўға қарсы тәсир етип, терини ығалландырыўшы ҳәм сыртқы орталықтағы факторлардан қорғаўшы, тери микробиомасын қайта тиклеўши, безеўден соңғы симптомлардың раўажланыўына кесент етиўши косметикалардан пайдаланың.
Жүздеги безеў ҳәм комедонларды жасырыў ушын профессионал косметикалардан пайдаланыў усыныс етиледи. Бундай косметикалар жүзиңиздиң барлық жерине қолланыўға да, шырайыңызды ашыўға да қолланылады.