911.jpg

Таспаларды қалай жоқ қылыўға болады?

Таспалардың муғдары нәсиллик бейимлилик, адамның жасы, гормонлар ҳәм бактериялар сыяқлы кѳплеген факторларға байланыслы болады. Сол ушында оған қарсы гүресиў қыйын. Бирақ ѳз бетиңше айырым илажларды ислеўиңе болады:

  1. Териге дурыс күтим қыл. Ҳәр күни жыллы суў менен жумсақ тазалаўшы ѳнимлер менен жуўын. Баслы мақсет бул, териниң қышқыл-силти балансын бузбаған ҳалда терини күнине еки мәрте тазалап турыў.
  2. Бетлериңди тазалап жуўып тур. Ҳеш қашан териде қалған макияжды яки бетиңизди жуўып тасламастан уйқыға жатпа.
  3. Жүзиңиздиң терисине қолыңды кѳп тийгизбе. Бул териде себуманың (тери майы) кѳп ажыралыўына ҳәм тесикшелердиң пителип қалыўына алып келеди.
  4. Таспаларды қол менен сығып алма. Таспаларды ҳәм қара ноқатларды ѳз бетиңше сығып алыўшы болма – бундай жағдайда тесикшелерди тазалаўдың орнына, таспа әтирапындағы териге зыян келтиресең, буның нәтийжесинде ол жерге бактериялар түсип, исиниў процесси, ириңли ноқат яки дақ пайда болыўы мүмкин.
  5. Уйқы гигиенасын сақла. Уйқы толық болмаса стресс жағдайларға себеп болады. Бул ѳз гезегинде териниң саламатлығына тәсирин тийгизеди. Жас адамларда стресстиң нәтийжесинде териде таспалар, дақлар ҳәм қызарыўлар пайда болыўы мүмкин.
  6. Дурыс аўқатлан.
  • Қурамында қант болған ѳнимлерди, уннан таярланған ѳнимлерди, майлы ҳәм қуўырылған аўқатларды, сүт ѳнимлерин (сүт, сыр, йогурт) кемирек қабыллаўға ҳәрекет қыл.
  • Мазалы ҳәм газланған ишимликлерди ишиўден бас тарт.
  • Фаст-фуд, картошка фри, пицца ҳәм чипслер де териниң саламатлығына унамсыз тәсир кѳрсетеди.
  • Таспалардың алдын алыў мақсетинде, рационыңа мийўе ҳәм овощларды; қурамында А, С витаминлери, майлы кислоталар, антиоксидантлар, бета-каротин, клетчатка, В топары витаминлери ҳәм цинк бар болған ѳнимлерди қос.
  1. Терини турақлы түрде ығалландырып турыўды естен шығарма. Териниң қурғаўы себуманың еле де кѳбирек ислеп шығылыўына себеп болады. Суўды кѳбирек муғдарда иш, бул организмдеги суў ҳәм минерал балансын сақлап турады.
  2. Териге күтим қылыўшы ѳнимлерди дурыс таңла. Машқалалы терилерге арналған косметика ѳнимлери, қурамында бактерияларға қарсы компонентлерге, яғный салицил кислотасы, суўда ериўши кислоталарға (АНА-кислоталар) ийе болғаны мақулырақ.
  3. Тек ѳзиңниң жеке сүлгиңнен пайдалан. Сүлгиңди илажы болғанша тез-тезден жуўып, утюглеп тур. Дастық қапларын да бәрқулла таза усла.
  4. Дерматолог шыапкерден жәрдем алың. Егер териге күтим бериўиңе қарамастан, саўалыў дәўиринде исиниўлер дақларға айланып қалса, айтарлықтай жақсыланбаса, ондай жағдайларда дерматологтан медициналық жәрдем сораўың усыныс етиледи ҳәм дерматолог тийисли емлеў процедураларын белгилейди.
Aldıng’ı Keyingi