салат2.jpg

Арзан азықлық затлардан аңсат таярланатуғын салат

Бүгин дурыс аўқатланыўдың үлгиси болған кишкене ас қабақтан (кабачок) салат ислеў рецептин усынамыз.

Бул салатты ҳәр күни ислеўге, сондай-ақ оны байрам дәстүрханларына тартыўға да болады.

Ингредиентлер:

  • 2 дана қыяр;
  • 2 дана кишкене ас қабақ;
  • 1 дана болгар бурышы;
  • 300 грамм таўық филеси;
  • 50 грамм қызыл пияз;
  • 2 ас қасық зейтун майы;
  • Талғамыңызға қарап қара ийисли бурыш;
  • Талғамыңызға қарап дуз;
  • 3 ас қасық лимон шербети;
  • 4-5 дана черри помидоры.

1-қәдем

Таўықтың филесин кастрюльге салып, филениң үстин басатуғын муғдарда суў қуйың ҳәм дуз салың. Таяр болғанша орташа отта қайнатып алың (Суў қайнағаннан соң отты әсте қойып 20-25 минут қайнатып алың).

Таяр болған филени суўытып, кейин майдалап кесиң.

2-қәдем

Ас қабақты ярым шеңбер тәризинде 0,5 см қалыңлықта майдалап кесип, азғана муғдарда айғабағар майы қуйылған табада қуўырып алың.

Қуўырылғаннан соң ас қабақ сықырлақ ҳалда болыўы керек.

3-қәдем

Сондай-ақ, қыярды ярым шеңбер, болгар бурышын кишкене тѳрт мүйеш, пиязды шеңбер тәризинде майдалап кесип, ал черри помидорларды ортасынан екиге бѳлип алың.

4-қәдем

Терең ыдысқа барлық ингредиентлерди салып араластырың.

5-қәдем

Дуз ҳәм бурыш салып араластырың. Үстине зейтун майы ҳәм лимон шербетинен салың. Барлығын қайтадан араластырың.

Салат таяр! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi