Cooking.jpg

Аўқаттан тыйылыў – артықша салмақтан қутылыўдың надурыс усылы!

Адамлардың көпшилиги идеал қәдди-қәўметке ийе болыў ушын азыўдың ҳәр қыйлы усылларын сынап көреди. Жаслар арасында кең тарқалған усыллардың бири аўқаттан тыйылыў болып табылады. Бул кейинирек денсаўлыққа байланыслы аўыр машқалаларға алып келеди.

Ашлық организмде төмендегилердиң пайда болыўына алып келиўи мүмкин:

  • кейпияттың бузылыўы, ғәзеплениў;
  • етек келиў циклиниң бузылыўы;
  • иш қатыўы;
  • сүйеклердиң мортлығы;
  • териниң қурғаўы ҳәм жуқарыўы;
  • шашлардың морт болыўы ҳәм түсиўи;
  • уйқы менен байланыслы машқалалар;
  • зат алмасыў процесиниң төменлеўи;
  • авитаминоз;
  • иммунитеттиң төменлеўи;
  • баўыр кеселликлери;
  • асқазан-ишек трактында созылмалы кеселликлердиң кескинлесиўи (гастрит, асқазан жарасы) ҳәм т.б.

Аўқатланбай жүриў артықша бир-еки килограммнан аңсат қутылыўға жәрдем береди. Бирақ, адам әдеттеги аўқатланыў режимине оралғанда бул салмақ тез арада қайта тикленеди. Бундай жағдайда артықша салмақ пенен байланыслы машқалалар тек ғана кескинлесиўи мүмкин. Мәселе сонда, аўқатланыўдан тыйылыў зат алмасыўды пәсейтеди (солай етип организм энергияны үнемлеўге ҳәрекет етеди), ал кейин оны нормал жағдайға қайтарыў жүдә қыйын болады.

Артықша салмақтан қутылыўдың ҳәр қыйлы усыллары бар. Ең нәтийжели усыллардың бири физикалық жүклемелер ҳәм дурыс балансланған аўқатланыў болып табылады. Солай етип, калория жетиспеўшилигин жаратыў жеңилирек болады: биз қабыллағанымызға қарағанда көбирек калория жумсаймыз.

Егер сизде артықша салмақ бар болса, онда сиз диетолог ямаса эндокринологқа көриниўиңиз керек. Қәниге қосымша салмақтан қутылыўға иркиниш беретуғын гормонал үзилислер бар екенлигин анықлаўға жәрдем берип, сондай-ақ, сизге сәйкес диетаны таңлаўға жәрдем береди.

Aldıng’ı Keyingi