Бананлы печенье

Келиң биргеликте жумсақ ҳәм мазалы бананлы печенье писирип кѳрейик. Ол жумсақ ҳәм хош ийисли болып писеди. Оны писирген ўақтыңда үйдиң иши бананның хош ийисине толады.

Бананлы печенье жүдә тез таярланады. Бундай печенье үйде шаңарақ яки досларыңыз бенен чай ишкенде жүдә жақсы тағам есапланады.

Ингредиентлер:

  • 100 грамм үй температурасындағы жумсақ сары май;
  • 100 грамм шекер;
  • 2 дана мәйек;
  • 10 грамм унды жумсартыўшы (разрыхлитель);
  • 0,5 чай қасық дуз;
  • 2 дана банан;
  • 320 грамм ун.

1-қәдем

Жумсақ сары майды ыдысқа салып мәйек ҳәм шекер менен араластыр. Биргелки масса болғанша миксер менен араластыр. Егер миксер болмаса, алдын қасық пенен кейин арнаўлы әсбап (венчик) пенен араластыр.

2-қәдем

Бананларды вилка менен езип ал, кейин мәйек пенен май араласпасына қос. Дуз салып миксер менен араластырып ал.

3-қәдем

Кейин ун ҳәм унды жумсартыўшыны салып, қасық пенен биргелки масса пайда болғанша араластыр. Қамыр жабысқақ ҳалға келиўи керек.

4-қәдем

Духовканың қаңылтыр табасына пергамент қағазын тѳсе. Шама менен 1 ас қасық қамыр алып, қаңылтыр таба үстине жайластырып шық, қамырды қәлеген пишинде (дѳңгелек, узынша) ислеп қойсаң болады. Печеньени жүдә тығыз қылып қойма.

5-қәдем

Духовканы алдыннан 180 С градуста қыздырып ал, кейин печеньелерди 25 минутқа қойып ал.

Печеньелер таяр! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi