шарлотка.jpg

Баслаўыш дәрежедегилер ушын кондитер ѳнимин писириў бойынша кѳрсетпелер: Алмалы шарлотка

Алмалы шарлотка — ең кѳп тарқалған пироглардың бири. Егер алдын пирог писирип кѳрмеген болсаң, онда Шарлоткадан басла. Себеби, оны таярлаў жүдә аңсат. Егер рецепттегилерди дурыс орынласаң, алмалы пирог әлбетте жүдә мазалы ҳәм жумсақ шығады.

ИНГРЕДИЕНТЛЕР:

  • 4 дана мәйек;
  • 300 грамм шекер;
  • 210 грамм ун (200 мл кѳлемдеги әпиўайы стаканда шама менен 130 гр ун болады);
  • 500 грамм алма;
  • Бир шымтым дуз.

1-қәдем

Мәйеклерди түби тереңирек ыдысқа салып, шекер қосың. Мәйек пенен шекерди кеминде 6-8 минут даўамында, ақ реңге кирип кѳлеми үлкейгенше миксер менен араластырың! Мәйек жақсы былғанса, пирог мазалы болып шығады, себеби мәйек пирогтың тийкарғы ингредиенти есапланады.

Миксер болмаған жағдайда, мәйектиң ақ уўызын сары уўызынан ажыратып алыў керек. Дәслеп, мәйектиң ақ уўызын шекер менен жақсылап былғап (10 мин), соң сары уўызын қосыў керек.

2-қәдем

Унды електен ѳткерип, миксерди тоқтатпастан, аз-аздан қосып барыў зәрүр.

3-қәдем

Алмаларды жуўып, тазалап, орташа бѳлеклерге бѳлип ал.

4-қәдем

Алма бѳлеклерин таяр болған қамырға салып, қасық пенен жақсылап араластыр.

5-қәдем

Пирог қәлибине май жағып, оған қамырды салып, бетин қасық пенен тегислеп шық.

6-қәдем

Духовканы 180 С градусқа шекем қыздырып ал, соң қамыр салынған қәлипти 45-50 минутқа духовкаға салып қой.

Духовканы ѳширгеннен соң 30 минутқа шекем оны ашпа.

Пирогтың таяр болғанын тис тазалағыш пенен тексерип кѳриўге болады. Егер оны шаншып кѳргенде ол қурғақ болса, демек пирог таяр болғаны!

Мазалы чай демлеп, туўысқанларыңды чай ишиўге шақыр! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi