Вегетарианлық дегенимиз не?
Вегетарианлық бул аўқатланыў рационынан гѳш ҳәм басқа да ҳайўанлардан алынатуғын ѳнимлердиң айырымларын яки пүткиллей алып тасланған турмыс тәризи, аўқатланыў системасы есапланады. Бул, ықтыярый түрде ҳайўанлар гѳшинен бас тартыў.
Тѳменде вегетарианлықтың түрлери менен танысып шығамыз.
Лактовегетарианлық – сүт ҳәм ѳсимликлер менен аўқатланыў вегетарианлығы. Лактовегетарианлар сүт ҳәм ҳәр қыйлы сүт ѳнимлерин қабыллайды. Бул жүдә кең тарқалған вегетарианлық түри болып, кѳпшилик вегетарианлар ушын басланғыш қәдем есапланады.
Лакто-ово-вегетарианлық – сүт, мәйек ҳәм ѳсимликлер менен аўқатланыў вегетарианлығы, ѳсимликлерден алынған аўқатлық затлар менен бирге, вегетарианлар сүт ѳнимлери ҳәм үй қусларының мәйеклерин де қабыллайды.
Пескетарианлық – бул аўқатланыў түринде рационда ыссы қанлы ҳайўанлардың гѳши болмайды, бирақ балық ҳәм теңиз ѳнимлерин жеўге болады.
Шийкилей қабыллаў – рационнан ыссылық бериў арқалы таярланған аўқатлық затларды алып таслаў.
Фрукторианлық таза мийўелер, қақ мийўелер, жанғақлар ҳәм туқымларды қабыллаўға тийкарланған.
Веганлық – вегетарианлықтың ең қатал түри есапланып, ҳайўанлардан алынған барлық түрдеги ѳнимлерди қабыллаўға жол қойылмайды.
Адам ѳзиниң рационын жобаластырыў ушын бир қанша ўақтын ҳәм дыққатын қаратыўға таяр жайдайда ғана узақ ўақыт вегетарианлық аўқатланыў түрине әмел етсе болады.
Ѳсимлик диетасына ѳткенде, адамда белок, В12 витамини, темир, цинк, кальций, омега-3, йод сыяқлы азықлық затлардың жетиспеўшилигине дуўшар болыў қәўпи туўылады. Бирақ вегетарианлық рационына дурыс әмел қылынса, ол адам организми ҳәм қан тамырларының тазаланыўына, қан басымы ҳәм салмақтың нормалласыўына, жүрек- қан тамыр кеселликлериниң пайда болыў қәўпин кемейтиўге, қандағы холестерин муғдарының кемейиўине жәрдем береди.
Вегетарианлық/веганлыққа ѳтиўге қарар қылғанда, оған жуўапкершилик пенен қарап, алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесип алыў керек.