детокс.jpg

Детокс-диета дегенимиз не?

Детокс-диетаның тийкарғы идеясы организмди шаршаў, бас аўырыўы ҳәм лоғыўға алып келетуғын «зыянлы» нәрселерден тазалаў болып табылады. Буннан тысқары, детокс-диеталардың жәрдеми туўралы ҳеш қандай анық дәлийл жоқ.

Детокс-диеталар ҳәр қыйлы болып табылады. Айырым адамлар кофеин, сүт өнимлери, глютен ҳәм қызыл гөш сыяқлы азық-аўқатлардан ўаз кешиўди усыныс етеди. Ал, басқа биреўлери күн даўамында аш жүриўди усыныс етеди. Гей биреўлер, «токсинлерди шығарып таслаўға жәрдем береди» деп есапланған шербетлер, тынық сорпалар яки басқа ишимликлерди усыныс етеди. Адамларды ишеклерди «тазалаў» ушын жуўан ишекти жуўдырыў ямаса клизма ислетиўге ийтермелеўшилер де бар.

Келиң, бир көрип шығайық.

Не ушын олардан аўлақ болыў керек?

  • Өспиримлер ушын детокс-диеталар усыныс етилмейди. Сизге нормал өсиў ушын жүдә көп муғдарда азықлық затлар, жеткиликли дәрежеде калория ҳәм белоклар керек. Сонлықтан, аш жүриўди усыныс ететуғын диеталар жақсы пикир емес.
  • Детокс-диеталар адамларға салмақ таслаўға жәрдем бермейди. Бир неше күн даўамында аш жүрген адамлар бир неше килограмм жоғалтады, бирақ бул суў ҳәм булшық етлердиң жоғалып кетиўи есабынан болады. Көпшилик адамлар диетадан кейин жоғалған салмағын дәрриў тиклейди.
  • Детокс қосымшалары кери тәсирлерге ийе. Олардың айырымларында иш жүргизиўши дәрилер бар. Иш жүргизиўшилер адамларды ҳәжжетханаға жийи-жийи қатнаўға мәжбүрлейди. Иш жүргизиўши дәрилер ҳәм клизмалар сизди суўсызландырып, суў ҳәм электролитлер дисбалансын (минерал ҳәм дузлар тең салмақлығының бузылыўы) келтирип шығарыўы мүмкин.
  • Детокс-диеталар тек қысқа мүддетке мөлшерленген. Адам детоксикацияда қанша ўақыт көп болса, машқалалардың пайда болыў мүмкиншилиги сонша жоқары болады. Буннан тысқары, узақ ўақыт даўамында аш жүриў инсанның метаболизмин (зат алмасыў) төменлетиўи мүмкин. Ал, бул азыў процесин қурамаластырады.

Дурыс аўқатланың, ал қалғанын денеңиз ислейди

Инсан денеси өзин-өзи тазалаў қәсийетине ийе. Сиз оған көбирек суў ишиў* (қанша ишиў керек); спорт менен шуғылланыў, шынығыўлар ислеў ҳәм майлы ҳәм ширели азық-аўқатларды шеклеў арқалы жәрдем бериўиңиз мүмкин. Ҳәр қыйлы пайдалы азық-аўқатларды жең:

  • мийўе ҳәм палыз өнимлери
  • пүтин дәнли, ғоза ҳәм туқымлардан алынған көп муғдардағы талшықлы өнимлер
  • майсыз гөш, балық ҳәм собықлылар
  • майсыз сүт өнимлери, атап айтқанда йогурт, қатық ҳәм сүт

Егер детокс-диеталар ҳаққында сораўларыңыз болса ямаса салмағыңыз ҳаққында қәўетерленсеңиз, шыпакериңиз ямаса диетологыңыз бенен сөйлесиң (бул қәниге әдетте аўқатланыў бойынша мәсләҳәт береди, мәмлекетлик поликлиникаларда бундай қәнигелер еле жоқ, олар жеке клиникаларда ҳәм санаторийларда бар).

Aldıng’ı Keyingi