Жас ѳспиримлер ҳәм ата-аналар ушын: Веганлық ҳәм оның вегетарианлықтан парқы қандай?
Веганлық - вегетарианлықтың ең қатал түри есапланып, ҳайўанлардан алынған барлық түрдеги ѳнимлерди қабыллаўға жол қойылмайды.
Вегетарианшылар да, веганлар да гѳш ѳнимлерин жемейди, бирақ веганлар буған қосымша тѳмендегилерден де бас тартады:
- пал, себеби бул ѳним пал ҳәррелер тәрепинен исленеди, ал адамлар оны ѳз мүтәжликлери ушын тартып алады;
- таўық мәйеги, сүт ҳәм ҳайўанлардан алынатуғын белок;
- «тири» теңиз ѳнимлери: балық, креветка, мидий;
- Ҳайўанлар териси, жүни, жипек ѳнимлери;
- желатин;
- ҳайўанлардан алынған компонентлер пайдаланылған аўқатлық затлар;
- цирк, зоопарк, коррида ҳәм океанариумды тамашалаў;
- ҳайўанларда сынап кѳрилген косметикаларды пайдаланыў.
Онда олар не жейди?
- собықлылар: фасоль, соя, нут, чечевица, кѳк буршақ;
- замаррықлар;
- дәнли ѳсимликлер: сулы, мәкке, гречка, тары;
- ун ѳнимлери;
- ѳсимлик майлары: айғабағар, зейтун майлары;
- теңиз ѳнимлери: водоросльлер, теңиз капустасы;
- овощлар: картофель, ләблеби, баклажан, пияз;
- желатинсиз кондитер ѳнимлери: пектин ҳәм агар-агар маркировкасына ийе ѳнимлер;
- специялар: бурыш, куркума, ваниль, горчица;
- азанда қурғақ аўқат;
- мийўелер ҳәм қақ мийўелер.
Веганлық – тек аўқатланыў менен байланыслы емес. Ол турмыстың кѳплеген тәреплерине тәсирин кѳрсетеди. Қәделерге сай, веганлар тек ғана аўқатланыўына емес, ал қоршаған орталыққа да үлкен итибар қаратады. Кѳплеген веганлар шығындыларды ажыратқан ҳалда таслайды, кемирек аўқатланыўға умтылады ҳәм ҳайўанлардың ҳуқықлары ушын гүресиўши адамлар есапланады.
Ҳәр бир адамның қандай аўқатланыў ҳәм қандай турмыс тәризин кешириўди ѳзлери таңлаў ҳуқықына ийе.