кошерная.jpg

Кошер тағамлар дегенимиз не?

Кошер тағамы бул қатаң түрде яхудийлер нызамлары тийкарында таярланатуғын тағамлар есапланады. Кошер тағамлар қатарына сондай-ақ, шошқа гѳши, теңиз ѳнимлери, қус гѳшлери, ҳәттеки овощлар араластырылмайтуғын Италия, Грузия яки Тай мәмлекети тағамларын да киргизиўге болады.

Үйрек, бѳдене, таўық, ҳәттеки кептер гѳшлери де кошер тағамлар есапланады, бирақ кемириўшилер есапланған жабайы ҳәм үй қоянлары гѳшлери кошер тағамлар қатарына кирмейди. Сондай-ақ, жабайы қуслар, ѳликсе жейтуғын қуслар гѳшлерин рационыңыздан пүткиллей шығарып таслаў зәрүр.

Егер қабыршағы ҳәм қалашлары бар болса, балық кошер есапланады. Балықлардың барлығы да усындай деп ойлаўыңыз мүмкин. Бирақ, бул жерде де ѳзиниң ньюанслары бар. Угорь, ылақа, бекире, моллюсклар ҳәм шаян сыяқлылар кошер есапланбайды, бирақ қызыл уўылдырық яхудийлер рационынан орын алған. Ал, қара уўылдырық керисинше, қатаң қадаған етилген.

Не ушын кошер тағамлар тек ғана яхудийлерге емес, ал басқаларға да жақсы таңлаў есапланады?

Бириншиден, кошерлик бул сапа белгиси есапланады. Тағамды таярлаў процессин машгиах – арнаўлы оқытылған адам қадағалайды. «Машгиах» сѳзи иврит тилиндеги «ашгаха» - «қадағалаў, бақлаў» деген сѳзден алынған. Машгиах асханада кошер талапларын қадағалап барады: азық-аўқат ѳнимлерин ҳәм ыдысларды тексереди, плиталарды ѳзи жағады ҳәм ѳширеди.

Кошер тағамларды таярлаўда шийки затты таңлаўға айрықша итибар қаратылғанлығы себепли, олар бәрқулла жоқары сапада болады Бул жерде, қатаң түрде тағам таярлаўшылардың инсан факторы, итибарсызлық яки жумыс ислеў тезлиги сыяқлы кемшиликлерине рухсат етилмейди.

Екиншиден, кошер тағамлар тек ғана ислам дининде рухсат етилген (ҳадал) тағамларды жейтуғын адамлар ушын да туўры келеди. Мусылманлар, яхудийлер сыяқлы шошқа гѳшин жемейди ҳәм малды сойғанда айрықша қағыйдаларға әмел етеди. Барлық кошер тағамлар – ҳадал, бирақ керисинше емес.

Үшиншиден, кѳпшилик кошер тағамларды, қурамында лактоза болған тағамларды қабыллай алмайтуғын адамлар да қабылласа болады. Гѳш ҳәм сүт ѳнимлерин бир асханада таярлаў қадаған етилгенлиги себепли, кошер тағамларды таярлаў ўақтында кѳбинше сүттиң орнын басыўшы ѳсимлик сүтлеринен, мысалы, сулы, кокос ҳәм бадам сүтинен пайдаланылады. Демек, гѳшли кошер тағамларында бир грамм да мал сүти жоқ екенлигине гүман етпесеңиз болады.

Улыўма алғанда, яхудийлер нызамы тийкарында таярланған тағамларды қабыллайтуғын адамлардың рационы кѳп түрли болады ҳәм кѳпшилик ѳнимлерден бас тартыўды талап етпейди. Бирақ кошер нызамлары тийкарында аўқатланыў бул гезектеги жаңа мода болған диета емес екенлигин есте тутың. Егер кошер тағамларды қабыллаўға қарар қылсаңыз, бул мәселеге дыққат пенен жантасыў керек.

Aldıng’ı Keyingi