Көркем териге ийе болыў ушын дурыс аўқатланыў
Биз ишкен-жегенимиздиң нәтийжесимиз! Денсаўлықты беккемлеў ҳәм териниң гөззаллығын сақлаў ушын қалай аўқатланыў керек?
- Қурғақ, ярым таяр азық-аўқатлардан, мазалы газланған ишимликлерден, фастфудлардан, чипслерден ҳәм сухариклерден ўаз кешиң.
- Күнине 3 мәрте шәртли түрде ыссы аўқат ишиң/жең (бутербродларды үлкен аўқаттың орнына жеў надурыс)
- Аўқаттан тыс мийўе, ғоза/писте яки қышқыл сүт өнимлерин таңлаң.
- Уйқыдан кейин бир сааттан кешикпей аўқатланып, ал кешки аўқатты жатардан 3-4 саат бурын жең.
- Ҳәр күни 1,5-2 литр таза газланбаған суў ишиң (онша ашшы болмаған шай да болады). Ҳәр ярым саатта 100 мл ишкен мақсетке муўапық. Деген менен, ҳәр кимниң суўға болған талабы ҳәр түрли.
Териңиз мудамы саламат көриниске ийе болыўы ушын төмендегилер керек:
- Тири бактерияларға ийе қышқыл сүт өнимлери. Олар ишекте саламат микрофлораны тәмийинлеўге ҳәм зыянлы токсинлерди шығарып жибериўге жәрдем береди. Оларды сүт өнимлери бөлиминен сатып алсаңыз болады. Олардың сақлаў мүддети 5 күннен өтип кетпегенлигине итибар бериң. Қатықты үй шәраятында өзиңиз таярласаңыз да болады.
- Клетчатка. Бизиң организмимизге керекли тири бактериялар клетчаткалар менен азықланады. Сонлықтан да, пуўда таярланған ямаса писирилген тийкарғы аўқатлардың арасында жаңа үзилген мийўе ҳәм палыз өнимлеринен де жеп турыў зәрүр. Айтпақшы, клетчатка организмнен токсинлерди шығарыў ушын әйне керекли нәрсе.
- Қурамында «А» витамини бар өнимлер. Бундай өнимлер теридеги майдың ислеп шығарылыўын азайтып, токсинлерди тез шығарып жибереди. «А» витамини балық майында, сары майда, мәйектиң сары уўызында ҳәм творогта бар. Цитрус өнимлери, овощлар ҳәм тойғын-жасыл салат жапырақлары да көп муғдардағы «А» витаминине ийе.
- Қурамында омега-3 ҳәм омега-6 поли-тойынбаған май кислоталары бар болған өнимлер. Олар иммунитет ҳәм териниң қорғаныў хызметине унамлы тәсир етеди. Омега-3 балық майы ҳәм зығыр майы қурамында көп муғдарда ушырасады. Омега-6 рафинадланбаған зейтун ҳәм айғабағар майы қурамында бар. Бирақ оны күйдирмей, таза ҳалында пайдаланыў керек.
- Қурамында В6 витамини бар өнимлер. Бул витамин гормон ислеп шығарыўда унамлы тәсирге ийе. Ол гөште, қус гөшинде, балықта, пүтин дәннен алынған нанда, авокадо ҳәм ғозаларда көп ушырасады.
Сизиң рационыңыз териңиздиң жағдайын, сондай-ақ, пүткил организмиңиздиң жумысын жақсы тәрепке де, жаман тәрепке де өзгертиўи мүмкин екенлиги есиңизде болсын.