Лаваштан исленген картошкалы найшалар

Ҳәр бир адам писирсе болатуғын әжайып, мазалы найшалар! Келиң, биргеликте азанғы аўқатқа картошкалы найшалар таярлаймыз.

Бул ушын тѳмендеги ингредиентлер керек болады:

  • 2 дана лаваш;
  • 3 дана картошка;
  • 100 грамм пияз;
  • 30 грамм сары май;
  • 50 миллилитр сүт;
  • 2 ас қасық сметана;
  • Мәйек;
  • Гүнжи.

1-қәдем

Картошканы тазалап, дуз салынған суўда 15-20 минут даўамында қайнатып писирип аламыз. Картошканың пискенин вилка шаншып билсек болады. Вилка шанышқанда жумсақ болса, демек картошка пискен.

2-қәдем

Пиязды ярым шеңбер қылып майдалап, табада азғана май менен қуўырып аламыз.

3-қәдем

Таяр болған картошканың суўын тѳгип таслаймыз. Үстине қуўырылған пиязды салып пюре ислеймиз. Қәлесеңиз қырғыштан ѳткерилген сыр яки кѳк шѳплерди салсаңыз болады.

4-қәдем

Лавашты тѳрт мүйеш формада теңдей қылып 6-7 бѳлекке бѳлемиз.

5-қәдем

Бир ыдысқа азғана ѳсимлик майын, сметана, сүт ҳәм дуз салып араластырамыз. Таяр болған араласпаны лаваш жумсақ болыўы, бирақ бѳлинип кетпеўи ушын оның үстине жағамыз.

6-қәдем

Картошка пюресин лаваштың үстине салып, лаваштың мүйешлерин ишине қаратып рулет қылып ораймыз.

7-қәдем

Найшаларды духовканың қаңылтыр табасына жайластырамыз. Үстине вилка менен былғанған мәйек сүртип, гүнжи себемиз (егер қәлесеңиз). Духовканы алдыннан 180 С. Температурада қыздырып аламыз кейин түтикшелерди 20 минутқа қойып аламыз.

Лаваштан исленген картошкалы найшаларды сықырлақ ўақтында ыссылай жеў керек. Чай яки кофе менен қабылласаңыз болады.

Aldıng’ı