2022-06-16_15-15-21.jpg

Надурыс аўқатланыў ақыбетлери

Рационал (дурыс) аўқатланыў - бул толық балансқа ийе ҳәм оптимал аўқат қабыллаў режимине тән болған аўқатланыў принциплерине әмел етиў болып табылады. Аўқатланыў – тиришиликтиң тийкарғы биологиялық зәрүрлиги болып табылады. Азық-аўқат, ѳз гезегинде, организмниң раўажланыўы ҳәм зат алмасыўын тәртипке салыў ушын зәрүр болған энергия ҳәм элементлерди жеткерип береди, организмниң ѳсиўин ҳәм дурыс қәлиплесиўин, денсаўлықты сақлаўды тәмийинлейди. Азық-аўқат ѳнимлерине қойылатуғын тийкарғы талаплар соннан ибарат, олар пайдалы, ҳәр қыйлы, тойымлы ҳәм муғдары жағынан оптимал болыўы керек.

Азанғы ҳалқасты ишпеў, жийи жеңил-желпи аўқатланыў, мазалы затларды кѳп жеў, аўқатларға кѳп дуз қосып жеў - булардың барлығы аўқатланыўдағы ең зыянлы әдетлер болып табылады. Турақлы түрде саламат аўқатланыў қағыйдаларының бузылыўы ѳспиримлер арасында артықша салмақ ҳәм созылмалы кеселликлердиң кѳбейиўине алып келеди. Ҳәзирги күнде ѳспиримлер арасында семизлик ҳәм оның менен байланыслы қантлы диабет, жүрек-қан тамыр кеселликлери сыяқлы кеселликлер санының артыўы айтарлықтай қәўиплерге себеп болмақта.

Надурыс аўқатланыў ѳсип киятырған организмниң керекли азықлық затлар менен тойынбаўына алып келеди. Мысалы, темир элементи аз болған рацион темир жетиспеўшилиги анемиясы кеселлигиниң раўажланыўына алып келеди.

Керекли азықлық затлардың жетиспеўи тѳмендеги машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин: әдетке айланған бас аўырыўы; диңкесизлениў; иммун системасының ҳәлсиреўи; тислердиң мортлығы; буўынлардағы машқалалар; сүйеклердиң морт болып қалыўы, сүйеклердиң сыныў қәўпи; бойдың ѳспей қалыўы; қызларда – етек келиў дәўириниң бузылыўы.

Keyingi