Саламат аўқатланыў бойынша мәсләҳәтлер
Саламат аўқатланыў принциплерине әмел етиў ҳәр бир инсанның қолынан келеди. Тѳмендеги қағыйдаларды оқып шығып, оларды аўқатланыўды жобаластырыўда тийкар ретинде пайдалансаңыз, саламат аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи жолына биринши қәдем қойған боласыз.
- Актив болың – кѳбирек ҳәрекет етиң, азырақ отырың
Азық-аўқат қабыллаў ҳәм энергия жумсаў тең салмақлылығын сақлаў зәрүр. Нормал зат алмасыўы ҳәм денсаўлықты жақсы жағдайда сақлаў ушын кѳп ҳәрекет етиў керек. Соның менен бирге, күни бойы отырмаў керек, әсиресе, компьютер ҳәм телевизор экранлары алдында азырақ ўақыт ѳткериў керек.
- Күниңизди азанғы ҳалқас пенен баслаң
Азанғы ҳалқас сизге күн даўамында қуўат бериўи керек. Азанғы ҳалқас ушын ҳәр қыйлы кашалар, әсиресе, пүтин дәнли жармалар жүдә мақул келеди. Буннан тысқары, бир қасық пал ямаса қара шоколад бѳлеги сыяқлы аз муғдардағы мазалы затларды жеўиңизге болады.
- Турақлы түрде ҳәм аз муғдарда аўқатланың
Күниңизди сондай жобаластырың, күнине кеминде үш мезгил аўқатланыўға мүмкиншилигиңиз болсын. Аўқатланыўлар арасында узаққа созылған тәнепис себепли, артықша аўқат жеўдиң алдын алыў ушын турақлы аўқатланыўға ҳәрекет етиң. Егер керек болса, тийкарғы аўқатлар арасында мийўе ҳәм овощлар, ғоза ҳәм йогурт сыяқлы тағамларды жеўиңиз мүмкин.
- Кѳбирек азықлық талшықларға бай болған ѳнимлерди жең
Дән, мийўе ҳәм палыз ѳнимлери нормал ас сиңириў ушын зәрүр болған клетчатка дереклери болып табылады. Сол себепли, бул ѳнимлерди қабыллаў жүдә әҳмийетли болып табылады.
- Майларды ақылға уғрас пайдаланың
Бизиң денемиз, әлбетте, майларға да мүтәж, бирақ бабы менен. Сонлықтан, аўқат таярлаўда кѳп муғдардағы майда қуўырғаннан, қайнатып, пуўда ямаса печьте писириў мақул болады. Ѳз тағамнамаңызға ғоза, бадам ҳәм қабақ туқымларын қосып, ҳәр түрлилик киргизиўге ҳәрекет етиң. Балық майынан қорықпаң! Оны биологиялық қосымша ретинде капсулалар кѳринисинде де қабыллаўға болады.
- Қант жеўди азайтың
Уннан писирилген ҳәм ширели мазалы затлар орнына жаңа үзилген ямаса қақланған мийўелерди жеў усыныс етиледи. Нәтийжеде сиз ҳәм мазалы, ҳәм организмиңиз ушын пайдалы болған десертти жейсиз.
- Дузды азырақ пайдаланың
Аўқат таярлағанда дуздың орнына шѳп ҳәм басқа татымлықлардан пайдаланыўыңыз мүмкин. Тайын аўқатты столға тартып атырған ўақытта, азғана дуз қосыўға болады. Дузды кѳп пайдаланыў (күнине 5 граммнан артық) жүрек-қан тамыр кеселликлери, артериялық гипертензия, бүйрек кеселликлери ҳәм басқа да кеселликлерге алып келиўин есиңизден шығармаң.
- Шѳлиңизди суў менен қандырың
Ең жақсы ишимлик – таза суў. Суў интеллектуаллық ҳәм физикалық басымды сәтли жеңиўге жәрдем береди.
Ѳспиримлер диетаны қалай тутыўы мүмкинлигин кейинги мақаладан билип аласыз: Ѳспиримлер диета сақлаўы керек пе?