Сосискалы пицца: тез таярлаў рецепти
Бул пиццаны балалар жүдә жақсы кѳреди, бундай сықырлақ үйде таярланған пиццадан ересеклер де ҳеш қашан бас тартпайды. Сосискалы пиццаны таярлаў аңсат ҳәм ол бәрқулла хош ийисли ҳәм жумсақ болып шығады.
Ингредиентлер:
Қамыр ушын:
- 400 грамм ун;
- 2 чай қасық қурғақ қамыр ашытқысы;
- 1 ас қасық шекер;
- Бир шымтым дуз;
- 250 миллилитр жыллы суў;
- 1 ас қасық зейтун майы.
Ишине салыўға:
- 200 грамм сосиска;
- 250-300 грамм помидор;
- 200 грамм моцарелла сыры;
- 3 ас қасық томат кетчупы.
1-қәдем
Қамырды таярлаймыз.
Жыллы суўды (40-42 градус әтирапындағы) кишкене ыдысқа қуямыз. Зейтун майын, дуз, шекер ҳәм қамыр ашытқысын салып араластырамыз.
2-қәдем
Қамыр ашытқысы араласпасын ун салынған ыдысқа қуйып, қамырды қарыймыз. Таяр болған қамыр үстине пленка жаўып, жыллы жерге 40 минутқа алып қоямыз.
3-қәдем
Ишине салынатуғынларды таярлаймыз
Сосискаларды жиңишке дѳңгелек пишинде кесемиз. Помидорды майда бѳлекшелерге бѳлип кесемиз. Сырды қырғыштан ѳткеремиз.
4-қәдем
Кѳлеми үлкейген қамырды 3 бѳлекке бѳлип, олардан зуўала соғамыз. Зуўалалардың үстине сүлги жаўып, 20 минутқа алып қоямыз.
5-қәдем
Астахтаға ун себелеп, зуўаланы 8 миллиметрден қалың қылмай жаямыз.
6-қәдем
Духовканың қаңылтыр табасына пергамент қағазын тѳсеп, оған ун себелеп үстине қамырды қоямыз.
7-қәдем
Қамырға кетчуп жағып, майдаланған сырды сеўип, үстине помидорларды қойып шығамыз. Оның үстине сосискаларды қойып, және сыр себелеймиз.
8-қәдем
Пиццаны духовкаға салып 200º С температурада 25 минутқа қоямыз.
9-қәдем
Қалған қамырларды да усы тәртипте ислеп шығамыз, ишине басқа нәрселерди салыўымызға да болады.
Иштейиңиз ашылсын!