сырники.jpg

Сырниклер рецепти

Сырниклер зәрүрли консистенцияға ийе болыўы ушын, иримшикти толық сығып алып қырғыштан ѳткериў керек. Егер барлығы дурыс исленсе, сырниклер үстинги қатламы қызарып писип, шырайлы шығады. Сырниклерди духовкада, табада яки пуўда писириўге болады.

ИНГРЕДИЕНТЛЕР:

  • 500 грамм 9%лы иримшик (творог);
  • 2 дана мәйек;
  • 6 ас қасық бийдай уны;
  • 2 ас қасық шекер;
  • 5 ас қасық ѳсимлик майы.

1-қәдем

Иримшикти ыдысқа салып, ири бѳлеклери толық езилгенше вилка менен майдалап ез. 2 дана мәйек ҳәм шекер салып, барлығын араластыр. Сырниклер писириў ўақтында езилип кетпеўи ушын жүдә қурғақ яки жүдә ығал иримшик пайдаланбаған мақул.

2-қәдем

Унды қосып араластыр. Егер унды кѳп қоссаң сырниклер тығыз болып шығады. Сырниклер жумсағырақ болыўы ушын унды аз муғдарда қоссаң болады. Нәтийжеде, сырник жасаўға болатуғын биргелки масса пайда болады.

3-қәдем

Табаны орташа отта қыздырып, оған ѳсимлик майын қуй.

4-қәдем

Тарлека алып оған азғана ун сал. Таяр болған иримшиктен бир неше шар тәризли бѳлеклерди жасап тарелкаға сал. Соң оларды басып кишкене шѳреклер жаса (жүдә жуқа болмаўы керек). Избе-из унға батырып, пухталық пенен табаға жайластырып шық.

5-қәдем

Сырниклерди шама менен 2 минут даўамында қызғыш реңге шекем қуўырып ал. Соң оларды аўдарып, екинши тәрепин қуўырып ал.

6-қәдем

Барлық қалған сырниклерди де 4 ҳәм 5-қәдемдегидей қылып қуўырып ал.

Пайдалы ҳәм мазалы сырниклер таяр болды! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi