сэндвич.jpg

Сэндвичтиң жаңаша рецепти

Сэндвичлер тез таяр болатуғын азанғы аўқат сыпатында ойлап табылған. Тѳмендеги рецептти пайдаланып кѳриң ҳәм жақынларыңызды таң қалдырың

Ингредиентлер:

  • 10 бѳлек нан;
  • 10 бѳлек сыр;
  • 3 дана қыяр;
  • 2 дана мәйек;
  • 1 дана помидор;
  • 1 дана кѳк пияз;
  • 2 ас қасық сметана яки майонез;
  • Талғамыңызға қарап дуз ҳәм бурыш.

1-қәдем

Табаны қыздырып, май қуймастан нан бѳлеклерин еки тәрепин де сарғыш түске енгенше қуўырып алың.

2-қәдем

Мәйекти суўға писирип, суўығаннан соң тѳрт мүйеш тәризде майдалап кесиң.

3-қәдем

Мәйекке кѳк пияз бенен помидорды майдалап араластырың.

4-қәдем

Сэндвичке жағыўға араласпа ушын кишкене ыдыста майонез (яки сметана), дуз ҳәм бурыш салып араластырың.

5-қәдем

Таяр болғаннан соң овощлар салынған ыдысқа қуйып араластырың.

6-қәдем

1 бѳлек ыссы нан алып, үстине сыр ҳәм майдаланған қыярдан қойың.

7-қәдем

Соң үстине таярланған араласпаны жағып және бир бѳлек сыр ҳәм нан қойың.

Таяр болды! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi