Таўық гѳшинен таярланған қыздырыўшы сорпа
Алдын аўқат таярлап кѳрмеген адамның да қолынан келетуғын, таўық гѳшинен сорпа таярлаўдың ең аңсат рецептин пайдаланып кѳр. Бул аўқат суўық мәўсимлерде жүдә пайдалы болады.
Ингредиентлер:
- 4 дана таўықтың аяғы;
- 250 грамм картошка;
- 150 грамм гешир;
- 100 грамм пияз;
- 100 грамм помидор;
- 2 лавр жапырағы;
- Бир неше петрушка яки кинза шақасы;
- Дуз ҳәм бурыш;
- 3 литр суў.
1-қәдем
Қазанға суўды қуямыз ҳәм таўықтың гѳшин салып қайнатамыз. Қайнаған ўақтында бетиндеги кѳбикти алып таслаймыз. Отты пәсейтип 25-30 минут даўамында қайнатамыз. Талғамымызға қарап дуз саламыз.
2-қәдем
Пиязды ярым шеңбер түринде, ал картошка ҳәм геширди тѳрт мүйеш бѳлекшелерге майдалаймыз. Овощлардың бәрин қазанға салып 10-15 минут қайнатамыз.
3-қәдем
Помидорды майда бѳлекшелерге кесип, лавр жапырағы менен қосып қазанға саламыз. Және 10 минут қайнатып аламыз. Талғамымызға қарап дуз ҳәм бурыш саламыз.
4-қәдем
Сорпаны тарелкаларға қуйып, үстине кѳк шѳплерден саламыз.
Сорпа таяр! Иштейиңиз ашылсын!