салат.jpg

Тез таяр болатуғын азанғы аўқат түри: кѳк пияз ҳәм мазалы бурыш салынған фриттата

Фриттата бул итальянша омлет. Азанғы аўқаттың түрлерин кѳбейтпекши болсаң, кѳк пияз ҳәм мазалы бурыш салынған фриттата таярлап кѳр.

Ингредиентлер:

  • 5 дана мәйек;
  • 3 түп кѳк пияз;
  • 1 дана болгар бурышы;
  • 20 грамм сыр;
  • 7-8 дана Базилик жапырағы;
  • Талғамыңызға қарап дуз ҳәм қара бурыш;

1-қәдем

Кѳк пиязды майдалап туўрап ал.

2-қәдем

Болгар бурышын жуўып, майда бѳлекшелерге бѳл.

3-қәдем

Орташа отта табада майды қыздыр.

4-қәдем

Пиязды салып, 1-2 минут даўамында қуўырып ал.

5-қәдем

Табадағы пиязға бурышты салып, араластырып қуўырып ал.

6-қәдем

Бѳлек ыдыс алып мәйекти сал, оған майдалап кесилген базилик, дуз ҳәм унталған бурышты араластыр. Сырды ири қырғыштан ѳткер.

7-қәдем

Барлығын араластырып, табаға сал.

ШАГ 8

Табаның қақпағын жаўып, пәс жалында 10-12 минут қойып ал.

Тез таяр болатуғын, тойымлы ҳәм мазалы тағам таяр! Иштейиңиз ашылсын!

Aldıng’ı Keyingi