Энергетикалық ишимликлер биз ойлағандай зыянсыз емес
Энергетикалық ишимлик әдетте көп муғдардағы кофеин, қант, таурин ҳәм L-карнитин сыяқлы басқа қосымшаларды өз ишине алады.
Ҳәтте, алкогольсиз энергетикалық ишимликлер де балалар ҳәм жас өспиримлер ушын қәўипли болып табылады. Бул ишимликлер қурамында көп муғдарда қант ҳәм кофеин ғана емес, ал гуарана ҳәм женьшень экстрактлары ҳәм таурин де бар болып, олар еле толық үйренип шығылмаған ҳәм олардың өнимлерге қосылыўы тийисли тәртипте қадағаланбайды. Энергетикалық ишимликлер спорт пенен белсене шуғылланатуғын жаслар арасында кең тарқалған.
Соңғы ўақытлары өним ислеп шығарыўшылар жүдә жоқары концентрациялы кофеинли ишимликлерди жийи ислеп шығарады. Шыпакерлердиң айтыўынша, соңғы жылларда энергетикалық ишимликлерден пайдаланыў көбинесе балалар ҳәм жас өспиримлердиң денсаўлығы ушын аўыр ақыбетлер менен байланыслы болмақта. Булар – кейпият ҳәм минез-қулықтың бузылыўы, қантлы диабет, жүрек искерлигиниң аўырласыўы ҳәм ҳәтте тамырдың тартылыўы. Көп муғдардағы кофеинге ийе ишимликлер ҳәтте өспиримлик ямаса балалық дәўиринде жүректиң услап қалыўы ҳәм тосаттан болған өлимге де алып келиўи мүмкин.