Қуймақлар рецепти
Үй шәраятында қуймақларды таярлаў жүдә аңсат. Рецептке әмел қылсаң жүдә мазалы қуймақларды таярлаўыңа болады.
Ингредиентлер:
- 100 грамм ун;
- 2 мәйек;
- 300 миллилитр сүт;
- 1 қамыр ушын ас қасық ѳсимлик майы ҳәм қуўырыў ушын азғана муғдарда май;
- Бир шымтым дуз;
- 0,5 чай қасық ас содасы;
- 4-5 тамшы уксус;
- 2 ас қасық шекер.
1-қәдем
Үлкенирек ыдысқа ун менен бир шымтым дуз сал.
2-қәдем
Унның ортасын ашып мәйек ҳәм шекерди сал. Соданы бир чай қасық уксуста еритип қамырға араластыр.
3-қәдем
300 мл сүттиң 50 мл муғдарын ҳәм 1 ас қасық айғабағар майын салып, ортадан баслап ингредиентлерди араластырып басла. Биргелки қойыў паста ҳалатына келгенше араластыр. Егер жүдә қойыў ҳалатқа келсе, үстине азғана сүт қос.
4-қәдем
Қамыр суйығырақ болыўы ушын және сүт қосып араластырыўды даўам ет. Қаймаққа уқсас ҳалатқа келгенше сүт араластырып бар.
5-қәдем
Табаны орташа отта қыздырып ал, кейин майға батырылған щетка менен майлап, яки 1 чай қасық май салып табаның ишине толық жайып шық.
6-қәдем
Табаның ортасына азғана (орташа кѳлемдеги шѳмишти толтырып) қамырдан қуй, қамыр табаның ишине тегис жайылыўы ушын табаны қыялатып усла. Табаны отқа қайтадан қой.
7-қәдем
Егер табаны дурыс температурада қыздырған болсаң, қуймақтың асты 30 секундтан соң сары реңге айланады, соң оны аўдарып қойыўыңа болады. (Қуймақтың бети қойыўласып, аўдарғанда ағып кетпейди)
8-қәдем
Табаның услағышынан услап, қуймақтың астына пышак яки асхана белшесин салып, тезлик пенен оны аўдарып қой. Қуймақ табада тегис қойылғанына итибар қарат, соң және 30 секунд қуўырып, тарелкаға сал.
9-қәдем
Қалған қамырды да 6-8 қәдемлердегидей қылып таярла, таяр болған қуймақларды дәстүрханға тарт яки тарелкаға жыйнап қой.
Қуймақтың ишине ѳзиңе унаған нәрселерди сал: мысалы, иримшик яки варенье. Егер ишине гѳш яки пюре салмақшы болсаң, қамырға шекер салма.
Аўысып қалған қуймақларды азықлық зат ушын арналған пленкаға орап музлатқышқа салып, 1 айға шекем сақлаўыңа болады.