konservi.jpg

Үй шәраятында таярланған консерва ѳнимлери не ушын қәўипли саналады?

Үй шәраятында таярланған айырым консерва ѳнимлери адам ѳмири ушын қәўипли болыўы мүмкин, себеби, ол сийрек гезлесетуғын, бирақ жүдә қәўипли болған ботулизм кеселлигине алып келиўи мүмкин.

Ботулизмниң тийкарғы дереги болып тийисли тәртипте ислеў берилмеген аўқатлық затлар есапланады. Кислород жетиспеўшилиги жағдайында, консерваларда адам ѳмирине қәўипли болған ботулотоксин деп аталыўшы зат бѳлинип шығады.

Қайсы ѳнимлерди пайдаланыў кѳпшилик ўақытта ботулизм кеселлигине алып келиўи мүмкин?

  • Дузлап бастырылған замаррықлар, қыярлар, помидорлар;
  • Гѳш ҳәм балық консервалары;
  • Үй шәраятында исленген колбаса;
  • Жақсылап жуўып тазаланбаған азық-аўқатлық ѳнимлер.

Ботулотоксин менен зыянланған азық-аўқатлардың дәми, реңи ҳәм ийсиниң сапалы азық-аўқатлар менен салыстырғанда парқы болмайды.

Консерваланған ѳнимлерде ботулизмниң белгиси болып, банканың исиниўи ҳәм майда кѳбиклердиң пайда болыўы есапланады. Сол ушын, консерва банкасы исинген яки қыйсайған болса, бундай консерва ѳнимлерин пайдаланыў қатаң түрде қадаған етиледи.

Кеселликтиң қандай белгилери болады?

  • Аўыздың қурыўы;
  • Даўыстың ѳзгериўи, қарлығыў, жутынғанда тамақтың аўырыўы, сѳйлеўдиң бузылыўы;
  • Кѳриў қәбилетиниң тѳменлеўи, кѳздиң булдыраўы;
  • Жоқарғы қабақтың салбыраўы, кѳз қарашығының кеңейиўи, кѳздиң қыйсайыўы;
  • Мимиканың жоғалыўы, териниң ағарыўы, жүрис ҳәм ҳәрекеттиң бузылыўы;
  • Аяқ булшық етлериниң ҳәлсизлиги ҳәм ҳәрекетсиз қалыўы, дем алыў булшық етлериниң ҳәлсизлиги (кѳкирек қәпесиниң қысылыўы);
  • Иштиң желлесиўи ҳәм аўырыўы, күнине 3-5 мәрте иштиң ѳтиўи.

Аўқатлық затлардан болған ботулизм белгилери әдетте зәҳәрли зат организмге түскеннен кейин 12-36 сааттан соң басланады.

Егер ботулизмниң жоқарыдағы белгилериниң кеминде бир яки екеўи пайда болса, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў керек. Ўақытты созыў аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин, себеби дем алыў булшық етлериниң параличи (ҳәрекеттиң тоқтаўы) тез раўажланыўы наўқастың ѳлимине алып келеди.

Саламатлығыңды қәўип астына қойма. Консерва ѳнимлерин жегенде абайлы бол. Ал, ботулизмниң биринши белгилери пайда болыўы менен дәрҳал медициналық хызметке мүрәжат ет! Себеби, ботулизмнен тек емлеўханаға жатқарылғаннан кейин салынатуғын сыворотка жәрдеминде ғана емлениўге болады.

Aldıng’ı Keyingi