Бас терисиниң күтими ҳаққында
Шашларға күтим бергенде адамлардың көпшилиги бас терисин естен шығарады. Стилист-шаштәрезлер ҳәм трихолог-шыпакерлер бас терисиниң үш түри: нормал, майлы ҳәм қурғақ түрлери бар екенлигин атап өтеди. Бул себумның (тери майы) қалай бөлинип шығыўына байланыслы болып, ол шаш түбирлерин азықландырып, оған нур ҳәм күш береди.
Генетикада белгиленгениндей, бас териси түрлери усылай жаратылған. Деген менен, олар адам өмири даўамында, әсиресе, актив гормонал секириўлер ўақтында, мәселен, жынысый жетилисиў дәўиринде өзгерип барады. Бундай ўақытлары бас терисиниң мынандай машқалаларына дус келиўиңиз мүмкин:
- майлылықтың артыўы;
- қурғақлық;
- исиниў ҳәм аўырыў.
Майлы бас териси ушын арнаўлы шампуньларды таңлаў мақсетке муўапық: олар шаш ҳәм басты майдан муқыят тазалап, оларға жеңиллик бағышлайды. Басты массаж тәризли ҳәрекетлер менен жуўыў керек, ҳеш қашан тырнақлар менен емес, олар терини тырнап алыўы мүмкин, ал буның пайдасынан зыяны көп. Кондиционер ҳәм маскаларды шаш түбирине емес, ал шаштың узынлығына қарай жағың. Ығаллаўшы қуралларды жуўып таслаў қыйынға соғатуғынлығы ядыңызда болсын.
Қурғақ бас терисиниң бир нешше себеплери бар: надурыс күтим (шашты жийи-жийи жуўыў ҳәм фен менен кептириў), ҳаўа-райы шәраятлары (жүдә ыссы ҳәм қуяшлы ҳаўа-райы), сондай-ақ, айырым түрдеги кеселликлер. Бул аўқатланыў менен де байланыслы болыўы мүмкин – витаминлер ҳәм белоклар жетиспеўшилиги де териниң саламатлығына тәсир етип, оның қурғаўына алып келеди.
Қурғақ бас терисине не ислеўге болады?
Силикон ҳәм сульфат қосымшалар қосылмаған ығалландырыўшы шампуньларды пайдаланыў керек. Бул қосымшалар терини еле де күшлирек кептирип, қышытыўды келтирип шығарады.
Қышыў, қызарыў – бул исиниў ямаса аўырыўдың белгилери. Бас териси оны зыянламаў ҳәм оның саламатлығын дурыс тиклеў ушын көбирек итибар ҳәм пухталықты талап етеди.
Аўырыў себеплери бир нешше болыўы мүмкин, булар: надурыс аўқатланыў, витамин жетиспеўшилиги, қандай да бир себепке бола аллергия шақырыўшы шампуньлар, күшли стресс те болыўы мүмкин. Өзиңизге ҳәм кеўил кейпиятыңызға қараң: бас териси аўырса, қышыса, қайызғақ түссе трихолог-шыпакерге көрингениңиз мақул.