Мыло.png

Бас терисиниң қурғақ болыўынан қалай қутылыўға болады?

Егер бас терисинде қышыў пайда болса, бул қайызғақтың белгиси болыўы мүмкин. Қышыў бул териниң түршигиўи болып, оны Malassezia globosa деп аталыўшы микроорганизм шақырады. Ол тери майын қайта ислеп олеин кислотасына айландырады. Бул кислотаға болған аллергия териниң қышыўы ҳәм түршигиўин келтирип шығарады. Қасыған пайытыңда қышыў жеңиллеседи, бирақ бас терисин жарақатлап, оның еле де кѳбирек түршигиўине алып келиўи мүмкин. Сондай-ақ, нәтийжеде шаш талшығының зыянланыўына да алып келиўи мүмкин.

Әдетте қайызғаққа қарсы шампуньлар бастың қышыўынан қутқарады. Егер шампуньның жәрдеми тиймесе, шыпакерге жолығыўың зәрүр. Сондай-ақ, териниң қышыўы аллергия яки шампунь қурамындағы компонентлер тәсиринен де болыўы мүмкин.

Не ушын мениң басымның териси қурғақ?

Бас терисиниң қурғақ болыўы айырым ўақытлары қайызғақтың себебинен болыўы да мүмкин. Ѳзиңде сезиўиң мүмкин болған басқа да белгилер қатарына, териниң тартылыўы ҳәм түршигиўи, сондай-ақ шаштың қатты болыўы киреди.

Шашты түйдеклеўге арналған ѳнимлерди кѳп пайдаланба ҳәм басыңды жүдә қатты ыссы суўға жуўма. Қайызғаққа қарсы шампуньларды ҳәм тәсиршең бас териси ушын арналған бальзамларды пайдалан. Басты күнделикли түрде жуўыў ушын ароматизатор ҳәм бояўларсыз жумсағырақ ѳнимлерди таңлаған мақул. Егер бас териси яки шашларыңда қандай да бир қолайсызлықлар сезсең, қәнигеге хабарласыўың зәрүр. Бул мәселеде саған дерматолог шыпакер жәрдем береди.

Aldıng’ı Keyingi