“Бул жақсы пикир емес”: қыстың күни кедаларды кийиў
Кедалар – классласларыңның ҳәр биринде бар аяқ кийим. Кедалар дерлик барлық түрдеги, ҳәттеки классикалық кийимлер менен де жарасады. Ҳақыйқатында да, оларды күнделикли турмыста да, байрамларда да кийип жүриўге болады. Базарларда бундай аяқ кийимниң түрлери ҳәм ислеп шығарыўшылары жүдә кѳп болып, айырым адамлар аяқ кийимлерин тазасына жүдә жийи алмастырып турады.
Бундай аяқ кийимлер қаншелли дәрежеде қолайлы ҳәм пайдалы?
Кедалар тийкарынан жумсақ пластиклерден ҳәм резинадан ислеп шығарылады. Олар ҳаўа ѳткермейди ҳәм териниң дем алыўына тосқынлық қылады. Әдетте, кеданың ултаны тығыз резинадан, жоқарғы бѳлими ҳаўа ѳткермейтуғын тығыз материалдан яки замшадан жасалады.
Кедалардың ең үлкен кемшилиги бул оның ултанының толығы менен бир тегис болыўы. Анатомиялық жақтан туўры аяқ кийимлерде киши ѳкше болады. Егер табан сәл кѳтерилип турса, адамның салмағы ултанға бир тегис түседи. Кедалар, сандалия яки басқа түрдеги ултаны тегис аяқ кийим кийгенде, аяқ астына салмақ бир тегис түспейди ҳәм бир тәрепке қыйсайыў болады. Буның себебинен омыртқа қыйсайып, адамның қәдди-бойы ҳәм жүриси бузылады. Ишки органлардың да жайласыўының ѳзгериўи ҳәм нәтийжеде олардың ислеўи де бузылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, кѳпшилик спорт кийимин кийиўди хош кѳриўши адамлар «жазғы» кедаларды қыстың күнинде де кийип жүреди. Бул аяқ кийимниң ултаны резина ҳәм жуқа болып, күнделикли түрде қар үстинде, ҳәттеки қурғақ, суўық ҳаўада да кийип жүриўге арналмаған. Нәтийжеде, адам аязлап аўырады, айырым ўақытлары кеселлик асқыныўы да мүмкин. Кедаларды қыста кийип жүргенди мақул кѳретуғын адамлар тек ғана аязлап ғана қоймай, ал сүйеклердиң сыныўы, урып алыў яки басқа да жарақатлар алыўы мүмкин. Асты тайғақ, муз қалада жүриўге мѳлшерленбеген аяқ кийим кийип сейил етиў, травматолог шыпакери емлеўине алып келиўи мүмкин.
Сол ушын ата-аналарды тыңлап, ѳзиңе қолайлы ҳәм эстетикалық кийим кийип жүрген мақул. Кедалар — бәрқулла күнделикли турмыста кийип жүриў ушын жарамсыз аяқ кийим есапланады.