Вируслар – адамлардың мәңги жолдасы
Пандемиялардың ҳәм кең кѳлемли эпидемиялардың пайда болыўы әййемги дәўирлерден басланатуғынлығын түсинип жетиўимиз зәрүр. Ең қәўипли вирусларды жоқ қылыў ҳәм олардан қутылыўдағы ең әҳмийетли қәдем бул вакцинация. Бүгинги күнде, бул ѳзиңиздиң ҳәм жақынларыңыздың микроорганизмлер келтирип шығаратуғын кеселликлер ҳәм оның ақыбетлери қәўпинен сақлайтуғын жалғыз усыл есапланады.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң мағлыўматларына кѳре, жер жүзинде 1200 ден артық инфекциялық кеселликлер бар. Ѳлимшилик кѳрсеткиши дүньядағы барлық ѳлимшиликтиң тѳрттен бирине тең, ал, раўажланып атырған мәмлекетлерде болса дерлик тең ярымына тең. Вирус бул жүдә киши биологиялық агент болып, ол ҳайўанларды, ѳсимликлерди, бактерияларды ҳәм замаррықларды инфекциялаў уқыбына ийе. Әпиўайы вирустың ѳлшеми шама менен бактерияның 1/10 кѳлемине ҳәм адам клеткасының 1/100 ден 1/1000 ге шекемги кѳлемине тең. Тиришилигин тек клетканың ишинде ғана сақлап қалыўы мүмкин.
Вируслар адамлардың ҳәм барлық тири организмлердиң мәңги жолдасы. Тѳменде ең қәўипли вирусларға мысаллар келтиремиз:
- Полиомиелит вирусы (балалар параличи) бул арқа мийди зыянлаўшы полиовирус шақырыўшы ѳткир инфекциялық кеселлик. Әдетте белгилерсиз кешеди, бирақ гейде парез (булшық етлердиң ҳәлсизлиги) ҳәм паралич бақланады. Вакцина жаратылғанға шекем полиомиелит барлық жерде кең тарқалған еди.
- АИВ – ҳәр күни 2000 нан кѳп адамлардың қурбан болыўына себепши Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы. АИВ иммун системасы клеткасын зыянлап, оны жоқ қылып барады. Нәтийжеде, адамда Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС) раўажланады. Наўқастың организми екилемши инфекцияланыўдан ҳәм асқыныўлардан қорғаныў қәбилетин жойтады. Егер емленбесе, инфекция жуқтырғаннан соң 9–11 жылдан кейин наўқас дүньядан ѳтеди.
- В гепатити вирусы. ЖДСШ есап-китабына кѳре, 2 миллиардқа шамалас адам В гепатити вирусы менен инфекцияланған. Кеселликти қоздырыўшы қанға түсип баўыр клеткалары – гепатоцитлерди зыянлайды. Зыянланған гепатоцитлер организмниң иммун клеткалары ҳүжимине ушырап, ғалабалық түрде набыт болады ҳәм нәтийжеде баўыр функциясы ҳәм ѳттиң тамыўы бузылады.
- Шошқа гриппи вирусы (H1N1), дәслеп үй шошқалары арасында тарқалған еди, бирақ кейинен мутацияға ушырап, адамларға да жуқпалы болып қалды. Бул инфекция әпиўайы ѲРВИ симптомларын келтирип шығарды, бирақ пневмония менен асқыныўға алып келди. H1N1 вирусының кең тарқалыўы 2009–2010 жыллары жүз берди.