Гипсти шешип алғаннан соң не ислеў керек?
Сендеги гипсти шешип алғаннан соң әдеттеги турмыс тәризине қайтқанша асығыўың мүмкин. Организмиң қайта тиклениўи ушын жақын күнлер яки ҳәптелер ишинде сени нелер күтип тур.
Мендеги гипс қашан шешип алынады?
Гипсти шешип алыў ўақты, гипс денениң қайсы орнына қойылғанлығы ҳәм жарақаттың жағдайына байланыслы болады. Шыпакер гипстиң қашан шешип алынатуғын ўақтын шамалап айтыўы мүмкин. Гипсти шешпестен алдын шыпакер жарақат орнын тексерип кѳрип, рентгенге түсириўи мүмкин.
Гипсти қалай шешип алады?
Гипс кишкене электр пышқысы жәрдеминде шешип алынады. Пышқы гипстиң материалын кесип алады.
Гипс шешип алынғаннан соң орнындағы тери қандай кѳринисте болады?
- Гипс астындағы тери ақшыл ҳәм қурғақ болады.
- Түклер қаралтымлаў реңде болады.
- Булшық етлер киширейгендей болып кѳринеди.
- Гипс орнында жағымсыз ийис болады.
Булардың барлығы нормал жағдай болып, бир неше ҳәптеден соң ѳтип кетеди.
Гипсти шешип алғаннан соң қандай да бир айрықша нәрселер ислеўим керек пе?
- Гипсти алғаннан соң үйге келип дәрҳал орнын сабын менен жуўып тасла. Бул жағымсыз ийисти кетиреди.
- Жарақат орнындағы тери қабыршақланған болса, оны қыршып алма, организмге инфекция түсиўи мүмкин. Қабыршақлар ѳз-ѳзинен кетеди.
- Гипсти алғаннан соң орнын 3 күнге шекем алмас пенен қырма, тери тикленип болыўы зәрүр.
- Ҳәр қандай шынығыўлар ислеў бойынша шыпакер кѳрсетпелерине әмел қыл.
Қандай да бир ҳәрекетлерди ислеўден бас тартыў керек пе?
Ҳәр бир жарақат ѳзине тән ѳзгешеликке ийе. Сол ушын шыпакериңнен тѳмендегилер ҳаққында сорап билип ал:
- қашан әдеттеги жумысларды ислеп баслаўға болады?
- қашан спорт пенен шуғылланып баслаўға болады?
Шыпакериме қашан қоңыраў етиўим зәрүр?
Кѳпшилик жас ѳспиримлерде гипсти шешип алғаннан соң саламатлығында ҳеш қандай машқалалар болмайды. Егер тѳмендеги жағдайлар болса шыпакерге қоңыраў ет:
- Тери қызарып исинсе яки аўырыў пайда болса.
- Жарақат алған орын және аўырып басласа.
- Шыпакер кѳрсетпелерин орынлаўыңа қарамастан, жарақат алған ағзаңды кѳп ўақыттан берли ҳәрекетке келтире алмасаң.