Жарақат алыўдан қалай сақланыўға болады?
Тилекке қарсы, ҳәр жылы жүз мыңлаған жас ѳспиримлер бахытсыз ҳәдийселер себебинен дүньядан кѳз жумады, кѳпшилигин емлеў зәрүр, ал қалғанлары ѳмир бойы майып болып қалмақта.
Кѳпшилик жарақатлар жәмийетлик транспорт пенен байланыслы болады. Адамлар автобус яки трамвайға мингенде ҳәм түскенде сүрнигеди ҳәм жығылады. Әсиресе тайғақ текшеде жығылыў жүдә қәўипли болыўы мүмкин.
Жер тайғақ жағдайда кѳшеге шыққанда, қолайлы, асты тегис аяқ кийим кийиў, асықпай жүриў, қәўипли орынларды айланып ѳтиў, жәмийетлик транспортларға мингенде яки текшеден түскенде услағышлардан услап ҳәрекетлениў зәрүр.
Жығылған жағдайда, дурыс жығылыўдың әпиўайы техникасына әмел етиў кереклигин естен шығармаў керек. Егер жығылып кетиўиңди сезсең отырыўға ҳәрекет ет, сонда жығылыў бийиклиги қысқарады. Сондай-ақ, жығылған жағдайда, денеңди жыйнап алыўың зәрүр, яғный ийегиңди кѳкирегиңе қарай тартып, қолларыңды қарныңа қойып, шығанақларыңды денеңниң қапталына қысып алыўың зәрүр.
Ийинлериңди алдыға таслап, аяқларыңды бир бирине қосып усла. Усындай тәризде отырыў денеңниң жыйнақлы болыўына имканият береди. Бул усылды дурыс қолланыўдың тийкарғы шәрти бул жығылыўдан алдын ҳәм жарақат алыўдан қорықпаў кереклиги.
Қол яки аяқларыңды тиреп жығылыўды тоқтатыўға ҳәрекет етпе. Бул сүйеклердиң сыныўы жағдайын асырады. Әлбетте, бул кеңеслерди орынлаў қыйыншылық туўдырады, бирақ жас адамдалардың буны толық орынлаўға күши жетеди.