Жылан шағып алса, не ислеў керек?
Ҳәр қандай жат жыланды зәҳәрли деп есаплаў керек ҳәм шаққаннан кейин тез арада шыпакерге көриниў ямаса 103 номери арқалы тез жәрдем шақырыў керек.
Жылан шаққандағы белгилер:
- анық көринип туратуғын бир-еки ноқат түриндеги жаралар ямаса тырналған орынлар;
- шаққан жерде аўырыў ҳәм оның әтирапында исиктиң үлкейиўи;
- қызып қалтыраў, қатты лоғыў, қусыў, булшық етлердиң диңкесизлениўи, уйқысы келиў, суўық тер;
- көз алдының булдыраўы (көзге «екеў» болып көриниў);
- нәпестиң қысылыўы.
Тез жәрдем келемен дегенше биринши жәрдем көрсетип баслаў керек:
- Исик күшейгенде тоқымалардың қысылыўына жол қоймаў ушын аяқ-қолдағы барлық тағыншақларды алып таслаң.
- Зыянланған жерди таңыў. Аяққа/қолға шина байлаў. Оның ушын қолда бар қәлеген заттан (тахта, таяқ, сызғыш ҳәм т.б.) пайдаланыўыңыз мүмкин. Шина қоймаўға да болады, бунда шығанақтан ийилген қолды геўдеге, зыянланған аяқты болса саў аяққа қосып таңыў мүмкин;
- Жарақатты жуўың. Егер жақын әтирапта антисептик еритпелер бар болса, шаққан жерди жақсылап дезинфекциялаң, кейин антисептикалық ямаса таза салфетка менен байлам қойың. Тазалағанда абайлы болыў керек, жарақат орнын басыўға болмайды.
- Көп суў ишкизиң. Жәбирлениўши илажы болғанынша көп муғдарда суў ишиўи керек.
- Көтерип көширген ўақытта аяқ-қолды бастан жоқарыға көтермең.
- Жәбирлениўшини илажы болғанынша тезирек антидотлар бар болған емлеўханаға алып барың. Шыпакерлер көрип шыққаннан кейин, наўқасқа жылан уўына қарсы сыворотка жибериледи.
Егер сизди жылан шақса, төмендегилерди ислеўге болмайды:
- аяққа/қолға жгут байлаў;
- шаққан жерди кесиў;
- шаққан жерди күйдириў;
- жыллы компресслер қойыў;
- физикалық күш түсириў;
- спиртли ишимликлер ишиў;
- жарақатланған аяқ ямаса қолға узақ мүддетке муз басыў;
- шаққан жерден зәҳәрди сорып алыў.