Жүрек күйиўи дегенимиз не ҳәм оннан қалай қутылыўға болады?
Жүрек күйиўи - қарынның жоқары бөлегинде өртениў ямаса ыссылық сезими.
Жүрек күйиўи қалай пайда болады?
Әдетте, бизиң ишкен-жегенимиздиң барлығы өңештен төменге қарай жылжып, өңеш пенен асқазанды байланыстыратуғын қақпақ (сфинктер) арқалы асқазанға киреди. Бирақ, егер бул қақпақ босасып қалса, асқазандағылар өңешге қайтып, күйикти келтирип шығарады. Өңеш асқазан ширесиниң унамсыз тәсиринен қорғалмаған болып, бул күйдириў сезимин келтирип шығарады.
Жүрек күйиўи қандай ўақытлары пайда болады?
- Артықша аўқатланғанда;
- тар, қысып туратуғын кийимлер, қайыслар себепли;
- майлы, қуўырылған, ашшы аўқатларды көп жегенде;
- ҳәмледарлық дәўиринде;
- айырым дәри-дәрмақларды қабыллағанда (аспирин, қан басымын түсириўши дәрилер).
Жүректиң жийи күйиўи неден келип шығады?
- Өңеш, асқазан, ишек, өт қалта кеселликлери;
- эмоционаллық стресс ҳәм басым;
- ун өнимлерин, кофе, шоколадты жийи пайдаланыў;
- спиртли ишимликлер ишиў, темеки шегиў.
Жүрек азы-кем күйгенде антацид (асқазан ширеси кислотасын азайтыўшы) дәрилерди қабыллаўыңыз ҳәм тағамнамаңызға өзгерис киргизиўиңиз керек. Егер жүрек күйиў күшли болып, узақ даўам етсе, шыпакерге көриниўиңиз керек.
Жүрек күйиўиниң қалай алдын алыўға болады:
- жатардан алдын кешки аўқатты ертерек жеў;
- аўқаттан кейин дәрриў ийилмеў ҳәм жатпаў;
- уннан таярланған мазалы затлар, ширели, ашшы, қуўырылған аўқатлар, газланған ишимликлерден пайдаланыўды шеклеў;
- артықша аўқатланбаў: 3 рет көп муғдарда аўқатланғаннан, күнине 6 рет аз-аздан аўқатланған мақул;
- шегиўди қойыў;
- қарынды қысатуғын тар белбеў ҳәм кийимлерди пайдаланбаў.
Жүрек күйиўи – бул кеселлик емес, ал асқазан кеселликлериниң раўажланып атырғанлығының белгиси. Сонлықтан, егер жүрегиңиз күйип, мазаңызды алса, илажы болғанынша тезирек шыпакер (гастроэнтеролог ямаса терапевт) көригинен өтиўиңиз керек.