Жәнликлер шаққанда не ислеў керек?
Жәнликлердиң шағыўы тек жағымсыз түйилип ғана қоймастан, жүдә қәўипли де болады. Сонлықтан да, сизде бундай жағдай болғанда қандай илажларды ислеў керек екенлигин алдын-ала билип қойыў әҳмийетли.
Олар неге қәўипли?
Қәлеген жәнлик шаққаннан соң анафилактикалық реакция пайда болады. Ол ҳәммеде емес, ал, тийкарынан, тәбияттан аллергиялық реакцияларға ийе адамларда пайда болады. Анафилактикалық шок тез өтип кетеди. Адамда ҳәлсизлик, жүрек урыўының тезлесиўи, нәпестиң қысылыўы сезиледи, ҳәтте талып қалады.
Ҳәррелер, өрмекшилер ҳәм скорпионлардың өзлерин қорғайтуғын ништери/бизи болады. Бизинде уў (зәҳәрли нәрсе) болып, ол шаққан жеринде кескин аўырыў ҳәм ашытыў сезимин келтирип шығарады. Нәтийжеде исик, торсықланыў, қызарыў ҳәм қышыў пайда болады. Бундай жағдайда дәрҳал жақын жердеги медицина мәкемесине барып көринген мақул. Егер оның илажы болмаса, көбирек суў ишип, шаққан жерге таза ямаса антисептик байлам қойың. Шаққан жерди шуқлап, жәнликтиң зәҳәрин алыўға ҳәрекет етпең. Өйтсеңиз тек өзиңизге жәбир келтиресиз, буның орнына медициналық жәрдемди күткениңиз жөн.
Шыпакерге қашан көриниў керек?
- Егер шаққаннан кейин узақ ўақыт даўамында симптомлар күшейсе.
- Егер де аўыз әтирапын, тамақтың тусын, көз ямаса көз әтирапын шақса.
- Егер шаққан орында бираз жер (териде 10 см шамасында яки оннан көбирек) қызарып, исип турса.
- Егер ириң ямаса гүп болып исиў сыяқлы инфекция белгилери пайда болса, аўырыў күшейсе.
- Егер ыссылық көтерилиўи, диңкесизлик сыяқлы инфекция белгилери пайда болса.
Сизде төмендеги аўыр реакция белгилери пайда болса, қыстаўлы медициналық жәрдемге тез хабарласың:
- нәпес қысыў яки дем алыўдың қыйынласыўы;
- беттиң, аўыз қуўыслығының, тамақтың исиниўи;
- жүрек соғыўының тезлесиўи;
- мий айланыў яки ҳәлсизлик;
- жутыныўға қыйналыў;
- есинен айрылыў.
Жәнликлерге қалай шақтырмаўға болады?
- Егер қасыңызда ҳәрре, ешек ҳәрре ҳәм пал ҳәрреси болса, тынышлықты сақлап, әсте-ақырын кетип қалың. Қолларыңызды сермеп, оларды урыўға ҳәрекет етпең.
- Тәбият қойнында жабық кийимде жүриң. Шөплердиң үстинде жалаңаяқ жүрмең.
- Жәнликлерден қорғаўшы сүртпелерди териниң ашық жерлерине ямаса кийимиңизге көрсетпеге сәйкес жағып/сеўип жүриң.
- Өткир ийисли ҳәм ийси кетпейтуғын сабын, одеколон, духи, шампунь ҳәм дезодорантларды пайдаланыўдан аўлақ болың, өйткени олар жәнликлердиң итибарын тартады.