Ийт тислегенде не ислеў керек яки қутырыў кеселлиги дегенимиз не?
Қутырыў кеселлиги - вируслы кеселлик болып, кеселленген ҳайўанлар тислегенде пайда болады. Бул кеселликте нерв системасы аўыр зыянланып, әдетте ѳлимшиликке алып келеди.
Тислеп алған ҳәр бир ҳайўан қәўипли деп есапланыўы керек, биринши гезекте қутырыў кеселлигине гүманланыўы керек.
Қутырыў кеселлиги тийкарынан ийтлерден ѳтеди. Бирақ пышық, түлки, енот ҳәм қасқырлардан да бул кеселлик жуғыўы мүмкин. Ҳайўанлар тислегенде яки тырнағанда әдетте инфекция силекей арқалы ѳтеди.
Ҳайўанлар тислегенде не ислеў керек?
- Кеминде 10-15 минут жарақатты жақсылап сабынлап (хожалық сабынын пайдаланған мақулырақ, себеби оның қурамында қутырыў вирусын ҳәлсизлендиретуғын силти кѳп болады) ағын суўда жуўыў керек. Сондай-ақ, ҳайўанның силекейи түскен тери орнын да тазалаў зәрүр.
- Жара әтирапын 70% лы спирт, 5% лы йод яки 3% лы водород қышқылы еритпеси менен тазалаў керек.
- Стерилленген байлам қойың. Илажы барынша қатты тартып яки герметикалық байламлар қоймаған мақул.
- Қутырыў кеселлиги яки столбняктың алдын алыўға қаратылған қыстаўлы шараларды кѳриў ушын жақын аймақтағы поликлиникаға барың.
- Ҳайўанды ветеринар кѳригинен ѳткериў зәрүр.
Қутырыў кеселлигине қарсы шаншыў бул кеселликке қарсы бирден-бир шара есапланады. Айырым жағдайларда, егер 10 суткадан соң тислеген ийт тири ҳәм саламат болса, шаншыўларды тоқтатыўға болады.
Қутырыў кеселлигиниң алдын алыў ҳәм оннан қорғаныў илажларын есте сақлаў ҳәм оларға әмел етиў зәрүр:
- Жабайы яки кѳшедеги үй ҳайўанлары менен контакт қылмаў, буны балаларға түсиндириў;
- Үй ҳайўанларының гүманлы ҳәрекетинен сақ болыў керек ҳәм бул ҳаққында санитариялық хызметке хабар бериў зәрүр;
- Үй ҳайўанларын ҳәр жылы қутырыў кеселлигине қарсы шаныштырып турыў керек.