Иммунитет дегенимиз не ҳәм оны қалай беккемлеўге болады?
Иммунитет не екенлиги ҳәм оның қандай хызмет атқаратуғынлығын кѳрип шығайық. Иммунитет яки иммун системасы бул организмди сырттан түскен жат нәрселерден қорғайтуғын, ѳзиндеги ескирген яки жарамсыз клеткалардың жоқ етилиўин қадағалайтуғын система. Иммунитет бизлерди ҳәр қыйлы бактериялар, вируслар ҳәм басқа да зыянлы микроорганизмлердиң тәсиринен қорғайды. Иммун системамызға қалайынша жәрдем кѳрсетсек болады? Саламат адамның иммунитети жәрдемге мүтәж болмайды. Тек оның жақсы ислеўи ушын шәраят жаратсақ жеткиликли. Биринши гезекте, дурыс аўқатланыў ҳәм организмди иммунитет ушын зәрүр болған витаминлер ҳәм микроэлементлер менен байытыў зәрүр.
Иммун системасы ушын пайдалы болған витаминлер ҳәм микроэлементлер қандай ѳнимлерде болады?
- Д витамини ямаса кальциферол – балық майы, лосось, треска баўыры, сельдь, сүт ѳнимлери, мәйектиң сары уўызы.
- С витамини – шиповник, мазалы бурыш, лимон, апельсин, қара смородина, облепиха, капуста.
- Е витамини – жанғақлар, тухымлар, ѳсимлик майы.
- В топары витаминлери – гѳш ѳнимлери, мәйек, баўыр, дәнли ѳсимликлер, жанғақлар, картофель, сүт ѳнимлери.
- А витамини – балық майы, баўыр, гешир, сары май, кѳк шѳплер.
- Цинк – қабақ тухымы, қызыл гѳш, жанғақлар, гречка, сыр.
Буған қосымша, организм бәрқулла күшли болыўы ҳәм ҳәр қандай қәўипке қарсы турыўы ушын саламат турмыс тәризин сақлаў зәрүр. Бул ушын тѳмендегилерге әмел етиў керек:
- Ҳәр күни уйқыға бир ўақытта жатып үйрениў, сондай-ақ кеминде 8 саат уйықлаў;
- Тез-теден таза ҳаўада сейил етип турыў: қуяш нурларында
Д витамини кѳп болады; - Актив турмыс тәризин сақлаў, спорт пенен шуғылланыў;
- Зыянлы әдетлерди таслаў;
- стресстен сақланыў;
- Организмди шынықтырып барыў.
Иммун системасы адам организминдеги ең аз үйренилген системалардың бири саналады, сол ушын оның хызметине араласыў ушын кѳп нәрселерди билиўимиз тийис. Егер иммун системаңызда аўыр бузылыўларға гүман пайда болса, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў керек.