Квинке исиги деген не ҳәм онда биринши жәрдемди қалай көрсетиў керек?
Квинке исиги өткир, өмир ушын қәўипли аллергиялық реакция болып, онда териниң, тери асты тоқымаларының ҳәм силекей қабатының тосаттан кең көлемде исинип кетиўинен пайда болады. Бундай реакция басқа ҳәр қыйлы аллергияларға бейим болған қәлеген адамда күтилмегенде пайда болыўы мүмкин.
Квинке исигин төмендеги аллергенлер келтирип шығарады:
- азық-аўқат өнимлери;
- өсимлик шаңлары;
- дәри-дәрмақлар (көбинесе, антибиотиклар себеп болады);
- косметика ҳәм парфюмерия;
- турмыслық химиялық өнимлер;
- шыбын-ширкейлердиң шағыўы;
- аллергия қоздырыўшы ҳайўанлар (жүнли) менен контакт;
- паразитар инфекция;
- вируслы инфекция;
- суўық, қуяш, суў ҳәм ыссылықтың күшли тәсири.
Квинке исигиниң белгилери:
- көз қабақлары, еринлер, мойынның қызарыўы ҳәм исиниўи;
- денениң искен бөлеги үлкейип, жийеклери тегисленип, қаттылық пайда болады;
- исик орнында қызыў, қышыў ҳәм аўырыў;
- исик пенен оралған тоқымаларда басым сезими;
- исик жүдә тез раўажланады - 1 минуттан 60 минутқа шекем;
- ишки органлар исинсе, қусыў, лоғыў, мий айланыў мүмкин;
- алқым исинсе нәпес қысылыўы ҳәм тахикардия, көп терлеў басланады;
- жынысый органлар иссе, сидик шығарыў қыйынласады;
- тынышсызланыў, уўайымлаў.
Ең қәўиплиси – анафилактикалық шок болып табылады. Бул тамақтағы Квинке исиги менен бирге пайда болады. Бунда дем алыў қыйынласып, өлимге алып келиўи мүмкин.
Соның ушын, егер де сиз биреўде аллергиялық реакцияны сезсеңиз, кешиктирмей ҳәрекет етиўиңиз керек:
- Тез жәрдем (103) шақырып, ол адамда Квинке исиги бар екенин хабарлаң.
- Илажы болса, антигистамин (аллергияға қарсы) дәри бериң.
- Егер себеби белгили болса, аллергияны сапластырың.
- Тесилген жерге ямаса шыбын-ширкейдиң шаққан жерине муз ямаса беккем байлам қойың. Бул аллергенниң пүткил денеге таралыўын тоқтатады.
- Кийимниң жағасын, шалбардың қайысын шешип, денеге көбирек кислород кириўин тәмийинлең.
- Жәбирлениўшини жубатың, қәнигелер топары келгенше оның қасында болың.