Компьютер кѳзәйнегиниң дурыс ислеўин қалай тексериўге болады?
Үй шәраятында кѳк нурды қайтарыўшы кѳзәйнекти тексерип кѳриўдиң бир неше усыллары бар.
Үй шәраятында кѳк нурды қайтарыўшы кѳзәйнекти тексерип кѳриўдиң сиз қоллаўыңыз мүмкин болған усылларын кѳрип шығамыз.
- Объективтиң сәўлеси арқалы тексерип кѳриң.
Линзада сәўлелениўши нурдың қандай реңде екенлигин компьютер кѳзәйнегин тағыў арқалы кѳриў бул үй шәраятында ѳткерилетуғын жақсы сынақ есапланады.
Егер онда кѳк рең сәўлеленсе, демек ол кѳк нурды фильтрлемекте. Егер қызғылт кѳк яки қойыў қызғылт рең берсе, демек кѳк нур нәтийжели фильтрленбеген.
Бул усыл, үй шәраятында кѳк нур кѳзәйнеклерин тексериўдиң тийкарғы усылы есапланады ҳәм бул арқалы кѳзәйнектиң қаншели дәрежеде нәтийжели ислеўин билип аласыз.
- «Қара ҳәм кѳк квадратлар» тести.
Кѳзәйнексиз бул квадратлар қара ҳәм кѳк реңде екенлигин кѳресиз.
- Кѳк нурды қайтарыўшы кѳзәйнеклерди тағың ҳәм бул квадратлардың екеўиде қара реңде кѳриниўи керек.
- Егер қара реңде кѳринбесе, демек сизиң кѳзәйнегиңиз кѳк нурды толық қайтара алмайды.
- RGB реңли диаграмма тести.
Кѳзәйнеклерди тексериўде тѳменде кѳрсетилген RGB тест диаграммасынан пайдаланыў, және бир исенимли усыл есапланады.
- Кѳк нур кѳзәйнегин тағып графикке қараң.
- Егер кѳзәйнегиңиз кѳк нурды қайтаратуғын болса, В секция қара реңде, G секция бираз қара түсте кѳриниўи керек. Демек, бул сизиң кѳзәйнегиңиз жасыл нурды да қайтарады дегени, яғный оны қуяш батқаннан соң пайдаланыў жүдә әҳмийетли есапланады.
- Кѳзәйнегиңиз жасыл шеңберди қаншели жарық қылып кѳрсетсе, соншели пайдалы есапланады.
Жоқарыда атап ѳтилген усыллар, кѳзәйнекте кѳк нурды фильтрлеўши қаплама бар екенлиги кѳрсетеди, егер сатып алынған ѳним ҳаққында мағлыўмат алмақшы болсаңыз, кѳзәйнекти ислеп шығарыўшы компания менен байланысып, олардан реңлер спектрлары ҳаққында есабатты сораўыңызға болады. Солай етип, кѳзәйнек ҳақыйқаттан да кѳк нурды қайтара ма ҳәм қандай муғдарда қайтарыўы ҳаққында билип алсаңыз болады. Буннан тысқары, егер компанияда спектрометр әспабы бар болса кѳзәйнекти сол арқалы тексерип кѳрсе де болады.