Компьютер кѳзәйнеги не ушын керек?
Компьютер кѳзәйнеклеринен пайдаланып ҳәм экран алдында ѳткерген ўақтыңызды қадағалап барыў арқалы, кѳздиң санлы шаршаўының алдын алыў мүмкин.
Компьютерде жумыс ислегенде, қанша ўақыт ислегениңе қарамастан, кѳзиңниң шаршаўын, ѳткирлигиниң тѳменлеўин, қызарыўын ҳәм басқа да белгилерди сезиўиң мүмкин. Бул, компьютер экраны алдында ѳткерген ўақтыңда пайда болатуғын, кѳздиң кѳриў қәбилетине түсетуғын күшке байланыслы болады.
Кѳздиң санлы шаршаўының белгилери:
- анық кѳрмеў;
- затлардың екеў болып кѳриниўи;
- кѳздиң шаршаўы;
- кѳздиң қурғап қалыўы;
- кѳздиң қымыршыўы;
- кѳздиң қызарыўы;
- қабақтың тартыўы;
- бас аўырыўы.
Кѳк нур дегенимиз не?
«Кѳк нур» деген терминди жийи еситип турамыз. Әсиресе, заманагѳй гаджетлер, мине усы кѳк нурға ийе болғаны ушын зыянлы екенлиги ҳаққында кѳбирек айтылады. Тәбийий кѳк нур бул ультрафиолет нурлар болып, ол қуяштан таралады. Жасалма кѳк нур бул инсан қолы менен жаратылған затлардан таралатуғын нурлар, мысалы, энергия тежеўши лампалар. Буннан басқа, заманагѳй смартфонлар, ноутбуклер, персонал компьютерлер телевизорлар да усындай нур тарқатады.
Қуяш ултрафиолет нурларының тәсири сыяқлы, кѳк нур тәсири де инсан организимине пайдалы да ҳәм зыянлы да болыўы мүмкин.
Кѳк нурдың зыянлы тәсиринен қалай қорғаныўға болады?
— Уйқыдан алдын электрон қурылмалардан пайдаланбаў. Кѳк нурдың тәсири түнде жақсы уйқылаўыңа кесент етиўи мүмкин.
— Тәнепис қылып турыў. Кѳздиң санлы шаршаўының пайда болыў қәўпин кемейтиў ушын 20-20-20 қағыйдасына әмел ет. Ҳәр бир 20 минутта 20 секунд 20 фут (60 метр) узақлыққа қарап тур.
— Кѳк нурды фильтрлеўши компьютер кѳзәйнегинен пайдаланыў. Бул кѳзәйнеклер кѳзге түсетуғын күшти кемейтиў ҳәм зыянлы кѳк нурды тосыў ушын арнаўлы ислеп шығылады.
Компьютер кѳзәйнеги қандай дүзилиске ийе ?
Олардың линзалары кѳзге түсиўши кѳк нурдың муғдарын кемейтип, санлы экран алдында ислегенде кѳз ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы шәраятты жаратады. Максимал қолайлық ушын, компьютер кѳзәйнеклери шуғла қайтарыўшы қапламаға ийе болыўы керек. Ол линзалардың алдынғы ҳәм артқы жүзинен жақтылықтың шуғласын кемейтеди ҳәм бул кѳздиң талығыўын кемейтеди.
Компьютер кѳзәйнегин алыў ушын шыпакер рецепти керек пе?
Егер сен оптикалық кѳзәйнек тақпайтуғын болсаң, компьютер кѳзәйнегин шыпакер рецептисиз сатып алыўыңа болады.
Егер сенде оптикалық кѳзәйнек ушын рецепт бар болса, бундай жағдайда компьютер фильтрин пайдаланыў ушын шыпакер рецепти зәрүр болады.
Кѳзге түсетуғын санлы күшти кемейтиў ушын соңғы бир неше мәсләҳәтлер:
- компьютер алдында отырғаныңда, қәддиңди тик услаўға ҳәрекет ет;
- экрандағы жазыўды оқығанда қыйналсаң, шрифттиң размерин үлкейт.