vopros.jpg

Менде аллергия бар ма? Яки аллергияны қалай анықлаўға болады?

«Аллергия» сѳзи грек тилинен алынып, «басқа тәсир» деген мәнини билдиреди. Аллергия бул адам организми реакциясына қоршаған орталықтағы ѳзлигинен қәўипли саналмаған нәрселердиң тәсиринен ѳзгериўи. Бундай затлар аллергенлер деп аталып, олардың ең әпиўайылары үйдеги кенелер, кѳгериўлер, жүнли ҳайўанлар, азық-аўқатлар, дәрилер, металлар, шѳп ҳәм тереклердиң шаңларында болады.

Егер қабыллаўдағы шыпакер сенде аллергия бар болыўы мүмкин деп есапласа, ол сени анализлер алыў ушын аллерголог шыпакерге (аллергияны анықлаўшы ҳәм емлеўши шыпакер) жоллайды.

Аллерголог саған тѳмендеги сораўларды бериўи мүмкин:

  • Сенде аллергия басланғанда қандай белгилер пайда болады? (мысалы, денеде таспалар, түшкириў яки тамақтың қымыршыўы)
  • Бундай реакциялар тез-тезден болып тура ма?
  • Белгили бир аўқатлық затты қабыллағаннан соң қанша ўақыт ѳтип аллергия белгилери пайда болады?
  • Шаңарағыңызда басқа адамларда аллергия бар ма?

Сондай-ақ, аллерголог териде тексериў ѳткерип кѳреди. Бул аллергияны анықлаўдың кең тарқалған усылы есапланады.

Териде тексериў ѳткериў дегенимиз не?

Териде тексериў ѳткергенде аллерголог яки мийирбийке тери үстине кишкене аллерген (организмде аллергияны шақырыўшы зат, мысалы шаң яки аўқатлық зат) тамшысын яки бѳлегин қояды, соң терини кишкене етип тырнап қояды яки шаншыў ислейди. Аллергологлар әдетте териде тексериўди билек яки арқа терисинде ѳткереди. Соң, шыпакер 15-20 минут ўақыт күтип, сол орынларда қызарып искен дақлар пайда болыўын тексерип кѳреди. Бул аллергия бар екенлигин кѳрсетеди.

Егер адамда бир неше затларға аллергия бар болатуғын болса, аллерголог, териде тексериўди бир ўақыттың ѳзинде ҳәр қыйлы аллергенлер жәрдеминде ѳткериўи мүмкин.

Териде тексериў ўақтында териде қышыў болыўы мүмкин. Териде тексериў белгили бир ѳнимге нәтийже кѳрсетсе, демек адамда сол ѳнимге аллергия бар екелигин билдиреди. Бундай жағдайларда шыпакерлер қосымша тексериўлер ѳткериўди мақул кѳриўи мүмкин. Бул ушын қан анализин тапсырыў зәрүрлиги болыўы мүмкин.

Егер тексериў нәтийжеси аллергия бар екенлигин кѳрсетсе не ислеў керек?

Егер сенде аллергия анықланса, шыпакер ѳзиң менен биргеликте емлеў жобасын ислеп шығады. Ол аллергияның түрине қарап исленеди.

  • Егер адамларда қоршаған орталыққа (шаң-тозаң, шаң бѳлекшелерине) аллергия болса, ол адам аллергенлер бар жерлерде болыўдан бас тартыў керек. Шыпакер кѳрсетпеси менен аллергияға қарсы дәри яки шаншыў алыўы зәрүр.
  • Аўқатлық затларға аллергия болған жағдайда, шыпакерлер саламатлығыңа қәўипли болған аўқатлық затлардан бас тартып үйрениўиңе жәрдем береди.

Ҳәзирги ўақытта аллергия жағдайы адамларда жийи ушыраспақта. Шыпакер берген кѳрсетпелерди толық орынлаў, дәрилерди толық ишиў ҳәм аллерголог шыпакер кѳригинен белгиленген ўақтында ѳтип турыў зәрүр екенлигин ядыңда тут! Сонда ғана саламатлығың тикленип, машқалалардың алдын алыўыңа имканият болады!

Keyingi