sugar.jpg

Менде 1-тип қантлы диабет анықланды. Енди не ислеўим керек?

Кѳпшилик адамлар ѳзлерине диагноз қойылғаннан соң, бул кеселлик ҳәзир ҳәм келешектеги ѳмириме қандай тәсир кѳрсетеди деген сораўды қояды. Күнделикли турмысыма қандай тәсирин тийгизеди? Имканиятларымды шеклеп қоя ма? Бирақ, 1-тип диабет қандай кеселлик екенлиги ҳаққында билип алғаннан соң, бул қорқынышлар тез шегинеди ҳәм сен алдынғыдай саламат ҳәм бахытлы ѳмир сүре бересең. 

1-тип қантлы диабет кеселлиги кимлерде пайда болады?

Бул кеселлик ҳәр бир жастағы адамларда ушырасыўы мүмкин, бирақ кѳбинесе балалық яки жас ѳспиримлик дәўирде кѳбирек ушырасады.

Сенде пайда болыўына не себеп болды?

Буның анық бир жуўабы жоқ болғаны менен, бул кеселлик жуқпалы емес екенлигин билип қойыў керек. Кеселленген болсаң, сен айыплы емессең, ҳәм себеп сениң қурамында қанты бар ѳнимлерди кѳп жегениңде де емес. Илимпазлардың болжаўынша, кеселликти нәсиллик бейимлилик, бастан кеширген вируслы кеселликлер ҳәм экологияның жаманласыўы менен байланыстырады.

Алдыңда не күтип тур?

Бүгинги күнде, елеге шекем кеселликти толық емлейтуғын дәри ойлап табылмады. Буған қарамастан, диабет бул басқарыўға ҳәм емлеўге болатуғын наўқаслық жағдайы, буның нәтийжесинде кѳпшилик наўқаслар саламат, табыслы, жақсы турмыс кеширмекте

Қандағы қанттың муғдарын қадағалап барыў ушын шыпакерге жолығыўың ҳәм барлық кѳрсетпелерди орынлаўың зәрүр. Сондай-ақ, аўқатланыўыңа итибар қаратыў ҳәм физикалық шынығыўлар ислеп турыўың жүдә әҳмийетли.

Режим сақланбаған жағдайда, диабеттиң қысқа мүддетли асқыныўлары пайда болыўы, яғный қандағы қант муғдарының тѳменлеп яки керисинше асып кетиўи мүмкин. Сол ушын да, емлеўши шыпакерден мәсләҳәт алып турыў жүдә әҳмийетли.

Келеси мақалада 1-тип қантлы диабет кеселлиги не екенлиги ҳаққында оқысаң болады.

Aldıng’ı Keyingi