температура2.jpg

Не ушын дене температурасы төменлейди?

Адамның нормал дене температурасы Цельсий бойынша 36,6 дәреже екенлиги ҳәммеге белгили. Ҳәтте төмен температурада да (36,5-35,4°С) адам гейде өзин жақсы сезеди. Бирақ, балаларда 36,0 Стан төмен температураға жол қойылмаўы тийис. Дене температурасының төменлеўи гипотермия деп аталады.

Балаларда дене температурасының төменлеў себеплери төмендегилер болыўы мүмкин:

  • суўық тийиў;
  • дәри-дәрмақларды қабыллаў, сондай-ақ, ыссылықты түсириўши дәрилердиң артық дозасы;
  • тойып аўқатланбаў;
  • суўсызланып қалыў;
  • иммунитет пенен байланыслы машқалалар;
  • қалқан тәризли без функциясының төменлеўи;
  • зәҳәрлениў;
  • стресс ҳәм шаршаў;

Балалар ҳәм ересеклерде температураның төменлеўи төмендеги себеплер нәтийжесинде пайда болады:

  • төмен ҳаўа температурасы нәтийжесинде аязлаў;
  • ҳөл яки ызғар кийимде узақ ўақыт қалып кетиў;
  • муздай суўда көп ўақыт қалып кетиў, муздай орынға отырыў ҳәм т.б.;
  • көп муғдардағы жылытылмаған еритпелерди тамыр ишине жибериў;
  • ҳәр қыйлы зәҳәрлениўлер, соның ишинде спиртли ишимликлерден;
  • узақ даўам еткен кеселликтен тәўир болғанда;
  • ҳәмледарлықта;
  • кемқанлықта;
  • орайлық нерв системасы зақымланғанда;
  • ҳәдден тыс физикалық шаршағанда;
  • зат алмасыў процесслери тезлиги төменлегенде;
  • қан тамыр кеселликлеринде.

Температура түсип кеткенде не ислеў керек?

Жеңил гипотермияда илажы барынша тезирек жылыныўыңыз керек. Оның ушын жыллы жерге өтип, ызғар ҳәм суўық кийимлерди шешип, қурғақ ҳәм жыллы кийимлерди кийип алып, ыссы шай ямаса суў ишиўиңиз керек.

Басқа барлық гипотермия жағдайларында медициналық жәрдем талап етиледи. Егер адам өзиниң жеке нормасына салыстырғанда дене температурасының 1-2°С қа төменлегенин сезип, бул жағдай узақ ўақыт даўам етсе ҳәм бул гипотермия менен байланыслы болмаса, терапевтке, егер керек болса, невролог, эндокринологқа көриниўи тийис.

Aldıng’ı Keyingi