солнце.jpg

Не ушын терини қуяштан қорғаў керек?

Адамлардың қуяшқа болған мунәсибети еки түрли болады. Айырымлары, мудамы оннан қашып жасырынады. Олар ҳәттеки жаз айларында да, узын көйлеклер кийип жүриўди абзал көреди ҳәм бас кийим кийиўди умытпайды. Ал,екинши түри, керисинше, ҳәр қандай имканияттан пайдаланып, жүзи ҳәм денениң басқа қараймаған жерлерин қуяшқа тутады. Бундай жағдайларда қуяштың ультрафиолет нурларының организмге тәсири ҳаққында билиў тийис.

Бириншиден, ақылға сай ҳәм нормадағы қуяштың ультрафиолет нурлары организм ушын тек ғана пайдалы болып ғана емес, ал әҳмийетли саналады. Өйткени, бул нурлар организмде Д витамининиң ислеп шығарылыўына жәрдем береди. Сүйеклеримиз ҳәм тислеримиздиң беккем болыўы ҳәм улыўма иммунитетимиздиң күшли болыўы усы витаминге тиккелей байланыслы. Қуяшлы күнлерде биз өзимизди бахытлы, ғайратлы ҳәм қуўатлырақ сезетуғынымызды байқағансыз ба?

Деген менен, ультрафиолет нурлар териниң қартайыўын тезлестиретуғын тийкарғы фактор болып табылады. Қуяш тәсиринде ҳәдден тыс узақ ўақыт қорғаўшы затлардан пайдаланбай жүриў, териниң үстки қатламына ҳәм иммун системасына зыян жеткизиўине алып келеди. Нәтийжеде, териде фото қартайыўдың тийкарғы белгилери пайда болады: тери қурғап, реңи солый баслайды, сыртқы кѳриниси ѳзгерип, дақлар ҳәм жыйрықлар пайда болады.

Жыллар даўамында териде топланған қуяштан нурланыўдың унамсыз тәсири меланома - тери рак кеселлигине алып келиўи мүмкин.

Қуяштың ультрафиолет нурлары (UV нурлары) 3 түрге бөлинеди:

  1. UVC нурлары. Жер бетине жетип келмейди, сол себепли олар териге ҳеш қандай тәсир етпейди.
  2. UVB нурлары. Жер бетине түседи, териниң үстки қатламларына кирип, реңин қарайтады. Олар териниң күйиўине алып келеди, фото қартайыўды келтирип шығарады, тери рак кеселлигиниң раўажланыўына тәсир етеди ҳәм көзлер ушын қәўипли. Олар март айынан октябрьге шекем күндизги ўақытлары жүдә актив болады.
  3. UVA нурлары. Жер бетине жетип барады, териниң үстки ҳәм терең қатламларына киреди. Олар теридеги дақлар (гиперпигментация), сепкиллер, териниң қурғаўы ҳәм фото қартайыўын келтирип шығарады, коллаген ҳәм эластин талшықларын жоқ қылады. Олар генетикалық мутациялар ҳәм тери ракының қәўпин асырады. Олар мудамы (!) — жылдың ҳәм күнниң қәлеген ўақтында актив тәсир етеди.

Қуяш нурларының 80%ға шекемги бөлеги бултлар ишинен өтип, суў, муз, қар, асфальт, от ҳәм қум бетине түсип, қайта сәўлеленеди. Сәўлеленген нурлардың интенсивлиги тиккелей түсетуғын нурларға қарағанда жоқарылаў. Сол себепли, терини мудамы: қуяшлы ҳәм бултлы ҳаўа райында, қалада, пляжда жүргенде, жүзгенде ҳәм лыжада ушыў ўақтында қуяштан қорғаў керек.

Aldıng’ı Keyingi