Саламат толық уйқыға қалай ерисиўге болады?
Уйқы ўақтында бас мийдиң нерв клеткалары зыянлы затлардан тазаланады. Уйқы толық болмаған ўақытта, адам артықша салмақ жыйнаўға, кейпиятының ѳзгериўшеңлигине, есте сақлаў қәбилетиниң тѳменлеўине ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлерге шатылыўға бейим болады.
Буның алдын қалай алыўға болады? Саламат уйқы ушын әпиўайы қағыйдаларды орынлаў керек:
- Жеткиликли дәрежеде уйықла. Ересек адам ушын суткасына 7–9 саат уйқылаў жеткиликли, бирақ буннан аз ўақытта уйқыңыз қанса, толықтырыў ушын ѳзиңизди мәжбүрлеў зәрүр емес.
- Уйқы режимин сақла. Ҳәр күни бир уйқы режимине әмел етиў керек ҳәм ҳәр күни бир ўақытта, ҳәттеки дем алыс күнлери де сол ўақытта уйқыға жатыў керек, саат 22:00 ден кеш болмаған ўақыт мақулырақ.
- Гаджетлерди шетке алып қой. Электрон қурылмаларды, яғный телевизор, компьютер, смартфонларды уйықлайтуғын бѳлмеңнен басқа жерге алып қой. Олардан пайдаланыўды уйқыға жатпастан кеминде 30 минут алдын тоқтатыўға ҳәрекет қыл.
- Рационыңа итибар қарат. Аўқатты уйқыға жатпастан 2-3 саат алдын жеў керек екенлигин есте сақла. Керегинен артық аўқатланба, уйқыға жатардан алдын майлы аўқатлар жеме. Кофе, чай ҳәм қурамында кѳп муғдарда кофеин бар болған газланған ишимликлерди ишпеген мақул.
- Тынышландыратуғын атмосфераны жарат. Бѳлме иши ыссы да, суўық та ҳәм жүдә жарық та болмаўы керек. Жатардан алдын бѳлмени самаллатып алыў зәрүр.
- Күн даўамында физикалық белсендилик нормасын сақла. Күндиз ислеген шынығыўлар, түнде жақсы уйқылаўыңа жәрдем береди, бирақ уйқыдан алдын спорт пенен шуғылланыўға болмайды. Кеште таза ҳаўада сейил қыл.