Руки.png

Таза қоллар – денсаўлықтың гиреўи

Микроблар барлық жерде де гезлеседи – топырақта, суўда, ҳаўада, азық-аўқатларда, предметлерде, бизиң организмимизде ҳәм теримизде. Олар жақсы ҳәм жаман болып екиге бѳлинеди. Жаман микроблар (патогенлер) ҳәр қыйлы инфекцияларды келтирип шығарыўы мүмкин, мысалы:

  • ишек инфекциялары – дизентерия, А гепатити, сальмонеллез, ротавируслы ҳәм энтеровируслы инфекциялар ҳәм басқа да кеселликлерди;
  • ѳткир респираторлық инфекциялар – аденовируслы инфекциялар, грипп, коронавирус ҳәм басқа да кеселликлерди;
  • қуртлар – острица, аскарида, лямблия ҳәм басқа да кеселликлерди;

жуқпалы тери ҳәм пилисли кеселликлерди.

Қолларды жуўыў – кеселликлердиң алдын алыўдың ең әпиўайы ҳәм арзан усылы. Қолларды сабынлап жуўыў адам организмине патогенлердиң түсиўи ҳәм инфекциялардың раўажланыўының алдын алыўға жәрдем береди.

Қолларды қандай ўақытта жуўыў керек?

  • Жәмийетлик орынларда болғаннан соң.
  • Аўқат таярламастан алдын, таярлаў ўақтында ҳәм соңынан (әсиресе шийки гѳш пайдаланғанда).
  • Аўқатланыўдан алдын.
  • Ҳәжетханаға барғаннан соң.
  • Мурын сүңбиргеннен, жѳтелгеннен яки түшкиргеннен соң.
  • Үй ҳайўанлары менен ойнағаннан яки оларға күтим қылғаннан соң.
  • Тасланды услағаннан соң.
  • Инфекция белгилери бар болған жақынларыңызға күтим кѳрсеткеннен соң.
  • Жара яки кесип кеткен орынларды дәри менен тазалағаннан соң.
  • Баланың жѳргегин ѳзгерткеннен яки түбегин тазалағаннан соң.
  • Кир кийимлерди услағаннан соң.
  • Тазалаў ѳнимлери ҳәм химикатларды услағаннан соң.
  • Ақша услағаннан соң.
  • Контакт линзаларын кѳзге салмастан алдын ҳәм алардан алдын.
  • Қолларың патас екенлигин сезсеңиз.

Қолларды қандай қылып жуўыў керек?

Кѳпшилик адамлар қолларын надурыс жуўады, яғный сабыннан пайдаланбайды, қолларын толық жуўмайды (тек бармақларын жуўып қояды) яки шала жуўады.

Қолларды жақсылап жуўып тазалаў ушын тѳмендегилерди ислеў зәрүр:

  • Қолларды ағын суўға салыў;
  • Сабын менен қолдың барлық жерин, яғный сыртқы тәрепин, бармақ араларын ҳәм тырнақ астыларын 10-60 секунд даўамында толық жуўыў;
  • Соң қолларды ағын суўда жуўыў;
  • Қолларды қурғақ ҳәм таза сүлги менен жақсылап сүртиў, қағаз сүлгиден пайдаланған мақулырақ.
Aldıng’ı Keyingi