Талып қалыў дегенимиз не, ол қорқынышлы жағдай ма?
Талып қалыў дегенимиз не?
Талып қалыў бул ўақытша ҳуўштан айрылыў. Бул қан басымы тѳменлеўи нәтийжесинде мийге қан жетерли муғдарда бармаўы жағдайында жүзеге келеди.
Адамлар не себеп талып қалады?
Организмниң суўсызланыўы, жағдайды кескин ѳзгертиўи, бир орында узақ ўақыт тик турыў яки отырыў, тосаттан қорқып кетиў (мысалы қанды кѳргенде) жағдайларында адам талып қалыўы мүмкин.
Талып қалыўдың ең кѳп ушырасатуғын себеплери:
- Денениң қызып кетиўи яки ҳаўа айланысы тѳмен, адамлар кѳп орынларда болғанда.
- Қорқыў, аўырыў, қәўетерлениў яки шок жағдайы қан басымының тѳменлеўине алып келиўи мүмкин. Сонлықтан да, адам бир нәрседен қатты қорықса яки сескенсе талып қалады.
- Жүрек кеселликлери, қандағы қант муғдарының түсип кетиўи себепли адамлар талып қалыўы мүмкин.
Буның алдын алыўға бола ма?
Егер ѳзиңди талып қалыў жағдайында сезсең, оны тоқтатыўға ҳәрекет қылып кѳриўиңе болады:
- Егер имканияты болса, жатып алыў керек. Бул қанның мийге барыўын тәмийинлейди. Ѳзиңди жақсы сезип басласаң әсте-ақырынлық пенен орныңнан тур (турмастан алдын бир неше минут отырып күтиў керек).
- Басыңды дизелериңниң арасына түсирген ҳалда отыр. Жатқан гездегидей нәтийжели болмайды бирақ қанның мийге жетип барыўына жәрдемлеседи. Ѳзиңди жақсы сезип басласаң, әсте-ақырынлық пенен тикленип отыр ҳәм кейин орныңнан тур.
- Ҳаўа-райы ыссы ўақытта, сондай-ақ шынығыўлардан алдын, шынығыўлар ўақтында ҳәм соңынан кѳбирек суў иш.
- Егер узақ ўақыт тик турыўға яки отырыўға мәжбүр болсаң, тез-тезден тәнепис қылып ҳәрекетленип тур.
- Ыссы, тар ҳәм қапырық орынларда болмаўға ҳәрекет қыл.
Шыпакерге қандай ўақытта қоңыраў қылыў керек?
Егер биринши мәрте қысқа ўақытқа талып қалсаң ҳәм буның себеплери (мысалы, ыссы, адамлар кѳп орында болсаң) анық болса, буннан тәшўишлениўдиң кереги жоқ. Бирақ, егер сенде қандай да бир кеселлик бар болса ҳәм дәри қабыллап жүрген болсаң, шыпакериңе қоңыраў қылыўды усыныс етемиз.
Егер тѳмендеги жағдайлар болса шыпакериңе қоңыраў ет яки медициналық жәрдем ал:
- Кѳкирек тусында аўырыў болса, жүрек тез соқса яки дем қыспа болса;
- талма кеселлик болса;
- Шынығыўлар яки физикалық аўыр жумыс ислегенде ҳушыңнан кетсең;
- Биринши мәрте талып қалыў жағдайы болса.
Шыпакер саған бир неше сораўларды береди, кѳриктен ѳткереди ҳәм бир неше тестлер ѳткерип кѳриўи мүмкин
Талып қалған адамға қалай жәрдем берсе болады?
- Егер жаныңыздағы адамлардың бири талып қалса, кийимлериниң илгеклерин, ременин ҳәм галстугин жаздыр. Аяғының астына рюкзак яки куртка қойып жатқар, бул мийге қанның барыўын жақсылайды.
- Әдетте талып қалған адам ѳзине тез келеди.
- Талып қалыў жағдайынан кейин ѳзине келген адам ѳзинде ҳәлсизлик сезеди, сол ушын ол адамды орнынан дәрҳал турғызбай, бираз жатқарып қойыў зәрүр.
- Егер ол орнынан тез турып кетсе, тәкирар талып қалыў мүмкин.
Егер талып қалған адамда тѳмендеги жағдайлар болса, тез жәрдем шақыр:
- Бир неше минуттан соң да ѳзине келмесе;
- Шынығыўлар ўақтында талып қалса;
- Кѳкирек әтирапында аўырыў болса, дем алыўы қыйынласса яки қалтыраў (адамда ѳзи басқара алмайтуғын дәрежеде булшық етлердиң тартылыў жағдайы, ол бул ҳәрекетти тоқтата алмайды) болса.
Жоқарыда атап ѳтилгенлер, талып қалған адамға қалай жәрдем бериў ҳәм ѳзиңде бундай жағдайлар болса не ислеў керек екенлигин билип алыўыңа пайдалы болады деп үмит етемиз.